Өткен ҳәптеде 1 АҚШ доллары 8666,71 сум етип белгиленген еди.
Өзбекстан Орайлық банки 2019-жылдың 6-августынан сырт ел валюталарының баҳасын белгиледи.
Оған бола, 1 АҚШ доллары 8704.87 сум етип белгиленди. Бул болса доллар курсының усы ҳәптеде де артқанын (+38.16) көрсетеди.
Евроның курсы болса өткен ҳәптедеги көрсеткишке салыстырғанда (+26.76) өсип, 9668.50 сум етип белгиленди. Сондай-ақ, Россия рубли бираз төменлеп (-2.78) 133.85 сумды қурады.
Орайлық банк бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.
ӨзА