ӨзР Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов 1999-жылы Қоңырат районының Жаслық қорғанында қурылған колонияның жабылыўы ҳаққындағы қарар Өзбекстанның халықаралық абырайына унамлы тәсир еткенин атап өткен.

Министр бул жерде аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды әмелге асырған ҳәм узақ мүддетке еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген адамлар сақланып атырғаны, бул колония тек ғана өзимиздиң пуқараларымыз арасында емес, соның менен бирге, халықаралық шөлкемлер арасында да унамсыз атқа ийе болған колония деп есапланатуғынлығын қосымша еткен.

– Бул колонияны ҳүрметли Президентимиздиң қарары тийкарында сапластырыў не ушын зәрүр болды? Бириншиден, орналасыўы – Нөкис қаласынан 300 километр, Қоңырат районы орайынан болса 180 километр қашықлықта жайласқан. Екиншиден, климатын алып қарасақ, қыста қақаман суўық, жазда жәзийрама ыссы. Жазаны атқарып атырған адамлар, олардың жақынларының келип-кетиўине де оғада қолайсыз, – деген министри.

– Көз алдыңызға келтириң, Ферғана ўәлаятынан, Әндижан ямаса Сурхандәрья ўәлаятынан ата-ана ямаса перзентлери менен сол жерде жазасын атқарып атырған тутқынды көриў ушын келиў оғада көп аралықты басып өтип, Жаслық қорғанына барыўды талап етер еди, – деп айтып өткен Бобожонов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.