Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасының мағлыўматларына қарағанда, «Жаслық» колониясы 1999-жылы қурылған болып, бул орын санитариялық нормаларға жуўап береди ҳәм усы колонияда алдын да, ҳәзирги ўақытта да тутқынларға ҳеш қандай қыйнаўлар қолланылмайды. Сондай-ақ, «Жаслық» колониясы тийисли қарар тийкарында жабылады ҳәм кейин ала және қамақханаға айландырылмайды. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Арнаўлы комиссия дүзилип, колониядан келешекте қандай мақсетте пайдаланылыўы, берилип атырған усыныслар тийкарында үйренип шығылады.
Ол жердеги тутқынлар 1 ай даўамында жасаў орынларына жақын аймақтағы колонияға жиберилиўи күтилмекте. «Жаслық»та жумыс ислеп атырған хызметкерлер де усы тәризде аймақлар бойынша жумысқа орналастырылады.
Сондай-ақ, журналистлердиң «Жаслық» колониясына медиа-туры шөлкемлестирилиўи бойынша усыныслар үйренип шығылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.