Бул сораўларға «Өзгидромет» орайының бас синоптиги Ирина Зайцева былайынша жуўап берди:
– Июль айы бизлерде де Орта Азия ушын да оғада ыссы келди, – дейди И.Зайцева. – Быйыл бизлер, Өзбекстанда пүткиллей метеорологиялық бақлаўлар дәўиринде барлық аймақлар, атап айтқанда Ташкентте де ең ыссы июль айын бастан өткердик.
Ядыңызда болса, 11-июльден баслап орташа айлық ҳаўа температурасы нормасынан 5-7 дәрежеге, айырым жерлерде болса оннан да жоқары болды. Бул ўақытта температура 40-43 дәрежени, елимиздиң арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында ыссы ҳәўиж алғанда 44-45 дәрежени қурады, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларының шөлистанлықларында болса ыссы 46-48 дәрежеге шекем жетти.
Дурыс арада температура аз-кем төменлеген дәўирлер де болды. Бирақ, жүдә қысқа мүддетте өтип кеткени себепли, дерлик сезилмеди. Сол себепли быйылғы июльдиң өзине тәнлиги жоқары температурада ғана емес, ал ыссы дәўирдиң узақ даўам етиўинде. Мысал ушын, көп ғана ўәлаятларда максимал температура 40 дәреже ҳәм оннан жоқары болған дәўир 10-17 күнди, қубла ҳәм шөл зоналарында болса 20-25 күнди қурады. Бул орташа көп жыллық көрсеткишлерден бираз жоқары.
Бүгин 5-августта календарь бойынша шилле өз жуўмағына жетти, бирақ жаздың ыссысы салқын күнлерге өз орнын босатыўға асығып атырған жоқ. Яғный Өзбекстанда оғада ыссы ҳаўа-райы сақланып турады. Температура күндиз 40-43 дәрежеге шекем, қубла ўәлаятлардың айырым жерлеринде болса 44-45 дәреже болыўы күтилмекте.
Қуўандыратуғын хабар болса ҳәптениң ақырында күтилмекте. 10-11 августқа барып, температура қайтады ҳәм 33-38 дәрежени қураўы күтилмекте.
Сайёра ШОЕВА, ӨзА