Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов «Жаслық» колониясының жабылыўы бойынша түсиник берип, биринши мәрте усы мәкемедеги қамалғанлардың санын мәлим етти. Бул ҳаққында «Газета.уз» сайты хабар бермекте.

Өзбекстан ишки ислер министри Пўлат Бобожонов президент Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы ИИМге қараслы 19-санлы қәнигелестирилген жазаны өтеў колониясының (Жаслық колониясы) сапластырылыўы ҳаққындағы қарары бойынша түсиник берди.

Министр 1999-жылда Қоңырат районының Жаслық поселкасында қурылған мәкемениң жабылыўы «мәмлекетимиздиң сиясий турмысында ҳәм дүнья жәмийетшилигиниң алдында оғада үлкен әҳмийетке ийе», деп атап өткен «Өзбекстан 24» телеканалына  берген интервьюсинде.

Министрдиң сөзлерине бола, ол жерде аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеген ҳәм узақ мүддетли еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген шахслар сақланып келинбекте. Бул колония тек ғана бизиң пуқараларымыз арасында емес, ал халықаралық шөлкемлер арасында да унамсыз ат алған колония есапланады.

«Бул колонияны ҳүрметли Президентимиздиң қарары менен сапластырыў керек болды? Бириншиден, жайласыўы – Нөкис қаласынан 300 км, Қоңырат районының орайынан болса 180 км қашықлықта. Екиншиден, ықлымын алсақ, қыста қатты суўық, жазда оғада ыссы. Жазаны өтеп атырған шахслар, олардың туўысқанлары. жақынларының келип-кетиўлерине де жүдә нақолай»,-деди ол.

«Сиз бир көз алдыңызға келтирип көриң, Ферғана ўәлаятынан, Әндижан ямаса Сурхандәрья ўәлаятынан ата-ана ямаса перзентлери менен сол жерде жазаны өтеп атырған шахсты көриў ушын келиў оғада көп жолды басып, Жаслық посёлкасына баратуғын еди» деген Пўлат Бобожонов.

Ол «Жаслық» колониясында 5000 нан 10000 адамға шекем, сондай-ақ, 5000 ға шекем диний экстремистлердиң сақланатуғынлығы ҳаққындағы мағлыўматларды бийкарлады.

«Бул мәкемениң бүгинги күндеги лимити 1100 орын. Ҳәзирги күнде 395 қамалған шахс сақланбақта ҳәм олардың тек ғана 10 проценти диний-экстремистлик жынаятлар ушын жынайый жуўапкершиликке тартылған шахслар», – деди министр.

ИИМге бир ай мүддетте «Жаслық»та сақланып атырған судланыўшыларды суд тәрепинен белгиленген тәртип түрине муўапық ишки ислер уйымларының басқа да жазаны өтеў колонияларына өткериў тапсырылды.

Пўлат Бобожонов Президенттиң 2017-жылдан берли 4000ға шамалас судланыўшыларға кеширим бергенлигин атап өтти. Оның сөзлерине қарағанда. азат етилген шахслар мәмлекет ҳәм жәмийет итибарынан жете қалып атырғаны жоқ. Мәселен, Рамазан ҳайыты алдынан 361 адам жазаны өтеўден толық азат етилип, шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарылды.

ИИМ басшысы колонияның жабылыўы ҳаққындағы қарар Өзбекстанның халықаралық абырайына унамлы тәсир көрсететуғынлығын атап өтти.

ӨзА