Нормативликуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында «Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлениў ҳуқықын беретуғын кеселликлердиң дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарардың жойбары жәрияланды.

Усы жойбар тийкарында кеселликлердиң белгили бир түрлеринен қайсы денсаўлықты сақлаў орайларында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлениў ҳуқықын бериў қәлиплестирилмекте. Атап айтқанда:

Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медициналық орайында патологиялы ҳәмиледар ҳаяллар ушын мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан емлениў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Академик Ё.Х.Турақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медициналық орайында (үлкен жастағы) наўқасларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медициналық орайында 18 жасқа шекемги болған балаларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий орайында үлкен жастағы наўқасларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий орайында 18 жасқа шекемги болған балаларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Жынысый жол арқалы жуғатуғын инфекциялар;

Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медициналық орайында (үлкен жастағы) наўқасларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайында (үлкен жастағы) наўқасларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер;

Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайында  18 жасқа шекемги болған балаларға Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў ҳуқықын бериўши кеселлик (жағдайлар)лер.

ӨзА