Арал теңизиниң суўларына шекем жетип барыўды мақсет еткен сырдәрьялы 69 жаслы Абдурасул ата 16 күнлик узақ жолды басып өтип, күни кеше Нөкис қаласына жетип келди. Бул ҳаққында «Адолат» СДП ҚР Кеңеси баспасөз хаткери А.Оразымбетова хабар берди.
Узақ жолды басып өткен ата менен партия басшылары сәўбетлесиў өткерди.
– Мен дүньядағы ең бай адамман. Себеби, денсаўлығым жақсы, күшке толып турман. 22 жыл денсаўлықты сақлаў тараўында иследим. Бүгин 1000 километрден аслам жолды велосипедте басып өтиўиме денсаўлығым ҳәм сабыр-тақатым маған үлкен жәрдем берди. Мақсетим – Аралға аман-есен жетип алыў, – дейди Абдурасул ата.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.