Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-август күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлести.

Сойлесиўден алдын мәмлекетимиз басшысы Александр Лукашенко ҳәм дос Беларусь халқына күни кеше табыслы жуўмақланған Өзбекстан Республикасы Президентиниң Беларусь Республикасына дәслепки рәсмий сапары даўамында көрсетилген миймандослық ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Президентлер Өзбекстан – Беларусь саммити көп қырлы еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтерип, оларды анық әмелий мазмун менен байытқанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Атап айтқанда Минск қаласында болып өткен Аймақлараралық форум ҳәм Өзбекстан миллий санаат көргизбесиниң унамлы нәтийжелери, олардың жуўмағында 300 миллион долларға шамалас баҳадағы экспорт-импорт шәртнамалары ҳәм жетекши кәрханалардың кооперациясы ҳаққындағы келисимлерге қол қойылғаны жоқары баҳаланды.

Мәмлекет басшылары илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сапар етиў шеңберинде шөлкемлестирилген Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм Беларусь пайтахтында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы бюстиниң ашылыўы халықларымыз арасында дослық және өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўде ерисилген келисимлер ҳәм қабыл етилген ҳүжжетлерди «жол картасы» тийкарында әмелге асырыўға қаратылған биринши гезектеги илажлар додаланды.

Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм инновациялық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, Беларусь кәрханаларының алдынғы технологиялары ҳәм илимий тәжирийбеси тийкарында экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында қоспа жойбарлар ҳәм кооперация бағдарламаларын алға қойыў ҳаққында сөз болды.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконы өзи ушын қолайлы ўақытта мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келиўине мирәт етти.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеў бағдарында умтылыслары исенимли екенин атап өтти.

ӨзА