Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-август күни киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды таллаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бул илаж быйыл 23-июль күни өткен мәжилистиң логикалық даўамы болды. Сол ўақытта тараўдағы системалы машқалалар бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Бул ретки мәжилисте усы бағдардағы жумыслар қалай шөлкемлестирилип атырғаны бойынша жуўапкер министрлик ҳәм шөлкем, аймақлардың басшыларының есаплары тыңланды. Исбилерменлердиң басламаларын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалаларды орайлық уйымлардың араласыўларысыз орынларда шешилиўи мүмкин екенлиги атап өтилди.

Мәселен жер ажыратыў ҳәм инфраструктураға жалғаныўға байланыслы мәселелер шешилсе, исбилерменлердиң көп ғана машқаласы шешиледи. Бирақ жер ажыратыў ушын шешим беретуғын сегиз уйым тәрепинен ҳүжжетлерди көрип шығыў мүддетлери тийкарсыз түрде, айлап созып жиберилмекте.

Президент усы шөлкемлердиң рухсат бериўге байланыслы функциясын муўапықластырыў, олардағы мағлыўматлар базасын интеграциялаў арқалы бундай «рухсат бериўши» уйымлардың санын қысқартыў, бул бағдардағы тәртипти жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Министрлер Кабинети, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине ири кәрханалардың бос турған объектлери негизинде қосымша киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, оларды электр, суў, газ, жол ҳәм байланыс коммуникациялары менен тәмийинлеўге кететуғын қәрежетлердиң 65 процентин мәмлекетлик бюджеттен қаплаў тәртибин енгизиў ўазыйпасы қойылды.

23-июльде болып өткен мәжилисте исбилерменлердиң мүлклерин компенсация төлеместен бузыў ҳәм жер майданларын алып қойыўға дерлик жол қоймаўы белгиленген еди. Мәмлекетимиз басшысы усы мәселеде Бас министр орынбасарының басшылығында Жумысшы топар дүзиў, олар орынларға шыққан ҳалда исбилерменлерге жеткерилген зыянды хатлаўдан өткерип, бул қаржыларды базар баҳасы тийкарында төлеп бериў зәрүрлигин атап өтти.

Быйыл 5-августтан бул бағдардағы жумысларды қатаң тәртип пенен, үш басқышта шөлкемлестириў белгиленди. Биринши басқышта аймақлық ҳәкимликлердиң бузылыўына зәрүрлик туўылған жер бойынша материаллар топламын Министрлер Кабинетине киргизеди. Екинши басқышта қала қурылысының талаплары бойынша Бас министрдиң биринши орынбасары ҳәм финанслық есап-санақлар бойынша Бас министрдиң орынбасары тәрепинен шешим таярланады. Үшинши басқышта усы шешимди көрип шығыў ҳәм қарар қабыл етиў ушын Бас министрге киргизиледи.

Видеоселектор мәжилисинде исбилерменликти финанслық қоллап-қуўатлаў, соның менен бирге ажыратылған қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын тәмийинлеў мәселеси де додаланды.

Бизге белгили, ақырғы жылларда исбилерменликти раўажландырыў ушын үлкен муғдарда кредитлер берилди. Олардың 90 процентинен асламы мәмлекетлик қаржылар болып есапланады.

Өткерилген үйрениўлер 2017-2018-жылларда банктен кредит алған мыңнан аслам исбилерменлердиң жойбарлары бойынша жер ажыратыў, инфраструктураға жалғаныў, рухсатнама алыў, үскенелерди келтириў ҳәм басқа да ҳәр қыйлы мәселелерге байланыслы машқалалардың бар екенлигин көрсеткен. Бул, өз гезегинде, берилген кредитлердиң қайтарылыўын қыйынластырады.

Сол себепли Есап палатасы, Орайлық банк, Экономика ҳәм санаат министрлигине машқалалары болғаны ушын толық әмелге асырылмай атырған жойбарлардың дизимин қәлиплестирип, оларға әмелий жәрдем бериў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы банклердиң жумыс усылын түп-тийкарынан өзгертип, исбилерменлерди олардың пүткил жумысы даўамында қоллап-қуўатлаўы, өзлериниң қарыйдарлары менен ҳақыйқый мәнисте бизнес-шерик сыпатында ислеўи керек екенлигин атап өтти.

Халықаралық кредит линиялары қаржыларын исбилерменлик тараўына кеңнен тартыў, оларды өзлестириў бағдарында ҳәр бир аймақ кесиминде усыныслар ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди. Коммерциялық банклерде шөлкемлестирилген Инвестициялық орайлар арқалы бул кредитлердиң бағдарлары ҳәм шәртлери ҳаққында ҳәр бир қарыйдарға толық мағлыўмат бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жумысын тоқтатқан киши бизнес субъектлерин қайта тиклеў мәселелери де талланды. Жуўапкерлерге салық ҳәм статистика мағлыўматларын таллап, ҳәр бир кәрхананың жумыс алып бармаў себеплерин анықлаў ўазыйпасы қойылды. Ҳәкимлердиң исбилерменлик мәселелери бойынша орынбасарлары да орынлардағы экономикалық комплекс уйымлары басшыларының жумысын тиклеў имканияты болған кәрханалар менен мәнзилли ислесип, олардың машқалаларын шешиўге жәрдем бериўи керек екенлиги атап өтилди.

Жумыс алып бармай атырған кәрханаларды тиклеў, жумыс орынларын легализациялаў, жаңа жойбарларды өз ўақтында иске қосыў есабынан салық базасын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

c27c31b5-0878-e497-a042-df3fc396265c.jpg

ӨзА