Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мүбәрек Қурбан ҳайытының руўхый турмысымыздағы орнын, мәнисин ҳәм әҳмийетин, халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт, шүкиршилик ҳәм кеңпейиллик нышаны екенин итибарға алып және миллий-диний қәдириятларымызды сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:
- Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2019-жылда Қурбан ҳайытының биринши күни 11-август-екшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2019-жыл 11-август Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңес ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қурбан ҳайытының орынларда жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сәйкес түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 2-август