Өзбекстан Республикасының Президенти «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 19-санлы қәнигелестирилген Жазаны атқарыў колониясын сапластырыў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Ҳүжжет тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, Қоңырат районы, Жаслық қорғанында жайласқан 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы сапластырылды.

19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясының имаратлары, объектлери ҳәм мүлклерин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Нөкис қаласында жайласқан 2-санлы тергеў иркиўханасы балансына өткерип бериў ҳаққындағы усынысына разылық берилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлериниң ийелеп турған лаўазымы бойынша қаржы тәмийинаты ҳәм социаллық жеңилликлери усы қарарға муўапық шөлкемлестириўшилик-штатлық өзгерислерине муўапық олардың лаўазымына қайта тайынланыўы, контрактының тоқтатылыўы ямаса пенсияға шығыўға шекем сақланып қалынады.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:

– бир ҳәпте мүддетте усы қарарға муўапық сапластырыў комиссиясын шөлкемлестиреди ҳәм 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясын сапластырыў бойынша белгиленген тәртипте комплексли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды әмелге асырады;

– бир айлық мүддетте 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы тутқынларын суд тәрепинен белгиленген тәртип түрине муўапық тәризде ишки ислер уйымларының басқа жазаны атқарыў колонияларына жиберилиўин шөлкемлестиреди;

– тутқынларды жаңа еркинен айырыў орынларына көшириў ўақтында 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясы жеке қурамы арасында жоқары әскерий таярлықты ҳәм хызмет тәртибине әмел етилиўин тәмийинлейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.