«Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы жеңил автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртипке салыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Қарарға муўапық «тонировка» баҳалары төмендегише белгиленди:
– артқы айна (лобовой) ушын – бийпул;
Артқы қаптал айна ушын төмендегише баҳалар белгиленди:
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге – базалық есаплаў муғдарының (бурынғы ең кем айлық мийнет ҳақының) 10 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 2 миллион 230 мың сумды қурайды);
– сырт еллердиң юридикалық тәреплерине – базалық есаплаў муғдарының 20 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 4 миллион 460 мың сумды қурайды).
Алдын бул муғдар тийисли тәртипте физикалық тәреплер ушын базалық есаплаў муғдарының 90 есеси, юридикалық тәреплер ушын 120 есеси, сырт еллердиң юридикалық тәреплери ушын 140 есесин қурайтуғын еди.
Алдынғы ҳәм артқы қаптал айналар ушын (барлық қаптал айналар):
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге – базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (11 миллион 150 мың сум);
– сырт еллердиң юридикалық тәреплерине – базалық есаплаў муғдарының 80 есеси (17 миллион 840 мың сум).
Қарар тийкарында:
Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 1 жылға берилетуғын рухсатнама тийкарында:
А) Жеңил автомобильлер:
– артқы қаптал айналарының реңин жақтылық өткериўшеңлиги шекленбеген муғдарда (төлем тийкарында);
– алдынғы қаптал айналарының жақтылық өткериўшеңлиги 50 проценттен кем болмаған дәрежеде өзгертиўге (қарайтыўға) рухсат етилди (төлем тийкарында).
Б) Туристлик автобус, микроавтобус ҳәм минивен қаптал айналарының реңин жақтылық өткериўшеңлиги – 50 проценттен кем болмаған дәрежеде (төлем тийкарында) өзгертиўге (қарайтыўға) рухсат етилди.
Автотранспорт қуралларының артқы айнасын толық және алдынғы айнасы (лобовой)ның жоқарғы бөлими реңин ени 14 см ден көп болмаған полоса тәризинде жақтылық өткериўшеңлиги шекленбеген муғдарда рухсатнамасыз ҳәм бийпул өзгертиў мүмкин.
Қарарда белгилениўинше, усы қарар қабыл етилгенге шекем әмелде болған төлем ставкалары бойынша 2019-жыл 1-январьдан айналарының реңин өзгертиў (қарайтыў) ушын алынған рухсатнамалардың әмел етиў мүддети усы қарар тийкарында енгизилетуғын жаңа төлем ставкаларына сәйкес түрде узайтылады.
2 айлық мүддетте тонировка ушын белгиленген жәриймалар муғдары тонировка ушын төлем ставкаларына тең болған муғдарда өзгертиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.