Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-август күнги ПҚ-4414-санлы «Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 19-санлы қәнигелестирилген Жазаны атқарыў колониясын сапластырыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жаслық қорғанында жайласқан 19-санлы қәнигелестирилген жазаны атқарыў колониясын сапластырыў белгиленди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, соңғы жылларда елимизде суд-ҳуқық тараўында кең көлемли институционаллық реформалар өткерилди, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қамаққа алынған адамлар ҳәм тутқынларды диний ҳәм сиясий көзқарасларына қарамастан ҳуқықларына әмел етиў, абыройы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў және қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде халықаралық миннетлемелерди әмелге асырыўға бағдарланған комплексли илажлар қабыл етилди.
Соның менен бирге, жынаят-атқарыў әмелияты анализи ҳәм жәмийетшилик пенен тиккелей пикирлесиў нәтийжелери жазаны атқарыў системасында сақлаў шараятларын еле де гуманитар көриниске келтириў арқалы тутқынлардың ҳуқықлары кепиллигин арттырыў және олардың социаллық ийкемлесиўин тәмийинлеў зәрүрлигин көрсетип атырған еди.
Хабарда атап өтилиўинше, бул тарийхый қарар еркинен айырыўға ҳүким етилген адамларға нызамға бойсыныў минез-қулқын, адамлар ҳәм жәмийетке ҳүрмет қатнасын қәлиплестириўге бағдарланған минез-қулқын дүзетиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық мәмлекеттиң халықаралық ареналарда унамлы дәрежесин алға сүриў мақсетинде қабыл етилгени атап өтилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.