Нөкистеги «Жаслар орайы»нда Өзбекстан «Паррандасаноат» бирлеспеси, «Ўзсаноатқурилишбанк» ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Түркия Республикасының белгили қусшылық тараўы бойынша профессоры, доктор Эргун Ахмед ҳәм Памукчи Өзге қатнасыўында оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Онда республикамыздың фермер ҳәм исбилерменлери қусшылық тараўында Түркия тәжирийбеси, тараўдағы жетискенликлер ҳаққында мағлыўматлар алып, өзара тәжирийбе алмасты.

Илажды Өзбекстан «Паррандасаноат» бирлеспеси баслығы Я.Абдураззоқов басқарып барды.

Семинарда атап өтилгениндей, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти және де раўажландырыў елимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, қусшылық тараўында әмелге асырылып атырған илажлар бүгинги күнде тек азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў емес, ал, республикамыз бойлап жаңа өндирис объектлериниң шөлкемлестирилиўине, көплеген жумыс орынларының жаратылыўына хызмет етпекте. Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында 1 ярым мыңнан аслам қусшылық кәрханасы жумыс ислеп атырған болса, оларда 34 миллионнан аслам қус бағылмақта. Ҳәр жылы қусшылық тараўына 1-1,5 триллион сумлық инвестициялар қаратылмақта. 2019-2021-жыллар даўамында тараўға жәми 2,9 триллион сумлық, соннан 83 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын қаратыў режелестирилмекте. Нәтийжеде тараўда қуслардың саны 17 миллионға көбейип, санаат усылында бағылатуғын қуслардың саны 50 миллионға жеткериледи ҳәм 10 мыңға шамалас турақлы жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Бизнестиң ескирмейтуғын талапларынан бири – өндирис процесин турақлы түрде модернизациялаўды талап етеди. Бул болса, сырт ел тәжирийбесин үйрениў, сырт елли шериклер менен тығыз бирге ислесиў дегени. Оқыў семинарын шөлкемлестириўдиң мақсети де усы еди.

Семинардан соң түркиялы қәнигелер Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында жайласқан «Эко Агро капитал» кәрханасына барып, ол жерде кәрхананың мәйек жетистириў бағдарындағы жумысы ҳәм қус бағыў процеси менен танысты. Тараўды раўажландырыў бойынша исбилерменлерге мәсләҳәтлер берилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.