Республика Гидрометеорология орайының бизге берген мағлыўматына қарағанда 3-август күни Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа өзгерип турады, айрым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Шығыстан ескен самал өз бағытын өзгертип, батыстан секундына 7-12 метр тезликте еседи. Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 20-25, күндизги ўақытлары 30-35 дәреже ыссы болады.

ӨзА