Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) және Японияның Киото университети арасында қол қойылған меморандум шеңберинде бир топар илимпазлардың қатнасыўында Мойнақ районындағы тәжирийбе участкасында автоном мини метеостанцияны орнатты. Бул ҳаққында Инновациялық раўажланыў министрлиги хабар бермекте.

Станция пүткиллей автоном болып, айрықша хызмет көрсетилиўин талап етпейди. Қурылма аккумуляторлы батарея, қуяш панели ҳәм датчик көрсеткишлерин жазып алатуғын логгерден ибарат. Станцияға АҚШтың Onse компаниясы тәрепинен ислеп шығылған HOBOware сенсорлары орнатылған, усы сенсорлар арқалы вегетациялық қатламның ҳәм оннан жоқарыдағы ҳаўа-райының температурасы, атмосфераның басымы, қуяш радиациясы, ҳаўаның тезлиги ҳәм бағдары, жаўын-шашынлар, топырақтың ығаллығы ҳәм температурасы, жер асты суўларының дәрежеси анықланады. Бул көрсеткишлер өсимликлердиң өсиўин ҳәм пайда болып атырған биомассаларды баҳалаўға жәрдем берип, Аралбойының климат шараятларына сәйкес өсимлик сортларын анықлаў имканиятын береди.

Киото университетиниң профессоры Кенжи Танака станцияны илимий-әмелий изертлеўлер алып барылыўы ушын мөлшерленгенлигин айрықша атап өтип, оны орнатыўда белсендилик көрсеткен Аралбойы халықаралық инновациялық орайының жуўапкер хызметкери Темур Хожаназаров және Киото университетиниң профессоры Шиожири Даяға миннетдаршылық билдирди. Өз гезегинде, Киото университети илимпазлары топланған мағлыўматлардан Аралбойы аймағындағы климаттың өзгерислерин изертлеў ушын пайдаланады.

ӨзА