«2019-жылдың алты айында қыз алып қашыўға байланыслы факт бойынша 118 жынайый ис қозғалған, соннан 94 ис неке менен байланыслы урлаў болса, 12 ис болса некеге мәжбүрлеў. Жынайый ислердиң көпшилиги судқа тапсырылды»,-дейди Рысбеков.

2019-жылдың алты айы даўамында Қырғызыстанда ала қачу (қыз алып қашыў)ға менен байланыслы 118 факт дизимге алынған. Бул ҳаққында келин урлаў профилактикасына бағышлап Бишкекте болып өткен ушырасыўда ИИВның жәмийетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы Улан Рысбеков хабар берди.

«ИИВ мағлыўматына бола, қыз алып қашыўға байланыслы ўақыялардың көпшилиги аўыллық жерлерде жүз берген.

Бишкекте ҳуқық қорғаўшылар, тарийхшылар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери қыз алып қашыўға байланыслы машқаланы додаламақта ҳәм бул машқаланы сапластырыў жолларын излемекте.

БМШның гендер мәселелери бойынша Есабында айтылыўынша, Қырғызстанда шаңарақлардың 20% и тиккелей ала қачу (қыз алып қашыў) себепли қурылған.

Жаңа Жынайый кодексте келин урлаў ушын жаза күшейтилген. Ендигиден былай бул жынаят ушын 5 жылдан 10 жылға шекемги болған еркинен айырыў жазасы қолланылады. Буннан тысқары ер жетпеген қызларды некеге мәжбүрлегенлер ушын да 200 мың сом муғдарында жәрийма салыў нәзерде тутылған.

ӨзА