2019-жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша көшип келгенлер саны 5,7 мың адамды қурады. Солардан 5,6 мыңы республика аймақларынан, 0,1 мыңы сырт еллерден көшип келген адамлар болып есапланады. Бул ҳаққында ҚР статистикалық басқармасы хабар берди.

Ал январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасынан көшип кеткенлер саны 7,4 мың адамды қураған (өткен жылы бул көрсеткиш 7,3 мың адамды қураған). Солардың 5,9 мыңы республика аймақларына, 1,5 мыңы сырт еллерге көшип кеткен.

Бул бойынша миграция сальдосы минус 1,7 мың адам болып, бул көрсеткиш өткен 2018-жылдың сәйкес дәўиринде минус 1,6 мыңды қураған еди.

Қарақалпақстан бойынша миграция сальдосының жоқары дәрежеси Шымбай (минус 511 адам), Кегейли (минус 432 адам) ҳәм Қоңырат (минус 207 адам) районларында бақланған.

Миграция сальдосының унамлы дәрежеси Нөкис қаласында (плюс 395 адам) бақланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.