Усы жылдың 2-август күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң Европа, Евразия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерине жәрдем бериў бойынша координаторы Джеймс Куликовски менен ушырасты. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Сәўбетлесиў даўамында Өзбекстан-АҚШ байланысларының жоқары дәрежеде екенлиги ҳәм 16-23-ибль күнлери Өзбекстан делегациясының АҚШқа әмелге асырған сапарының табыслы жуўмақлары айырықша атап өтилди.

Ушырасыўда БМШның Арал бойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фонды шеңберинде қаржылай жәрдем бериў арқалы Арал экологиялық апатшылығының ақыбетлерин жумсартыўда биргеликте ислесиў перспективаларына айырықша итибар қаратылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.