«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы 31-августтан 3-сентябрьге шекем ишки жөнелисте әмелге асырылатуғын барлық рейслер ушын шегирмелер жәриялады. Билет сатып алып атырғанда шегирмени Өзбекстан пуқаралары менен бирге сырт елли пуқаралар да алыўы мүмкин.
Байрам шегирмелери:
– индивидуал жолаўшылар ушын – 30%;
– туристлик топарлар (5 ҳәм оннан аслам адам), лицей ҳәм жоқары оқыў орынлары, колледжлердиң оқыўшы ҳәм студентлери, ӨзР Ишки ислер министрлиги, Билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети структураларындағы арнаўлы оқыў орынлары ҳәм басқа мәкемелердиң тыңлаўшы және оқыўшылары ушын – 40%;
– шаңарақ ушын (2 ямаса оннан көп адам, сондай-ақ, ерли-зайыплы, күйеўи, ҳаялы ҳәм олардың 18 жасқа толмаған перзентлери; 18 жасқа толмаған перзенти менен бирге баратырған ата-аналар) – 50%;
– пенсионерлер ҳәм майыплар ушын – 50%;
– 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги пидәкерлик мийнети ҳәм әскерий хызмети ушын орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған адамлар ушын – 50%;
– Чернобыль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқан пуқараларымыз ушын – 50%.
Шегирмели авиабилетлерди «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАКтың авиабилетлерди сатыў орайлық офиси ҳәм Өзбекстан аэропортларының кассаларында шегирмелерди алыў ҳуқықын беретуғын, тийисли ҳүжжетлерди усынған ҳалда сатып алыў мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.