Усы жылдың 29-июль күни социаллық тармақларда Әмиўдәрья районында жайласқан қорықханада бес гектар жерде тереклер қопарылып, орнына салы егилди, деген мазмундағы хабар тарқалған еди. Бул ҳаққында Zaman.uz сайтының редакторы Парахат Әжимуратов жазбақта.
Бул мағлыўмат Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен үйренилип шығылғанда ўақыяның 2019-жылдың июль айында емес, ал буннан 4 жыл алдын, яғный 2015-жылда төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты Тоғай хожалығы бас басқармасына қараслы болған ўақтында болғанлығы анықланды.
Комитеттиң Zaman.uz сайтына берген рәсмий мағлыўматына қарағанда, 2015-жылы биоқадағалаў инспексиясының Әмиўдәрья суў бассейни инспекциясы тәрепинен усы ҳуқықбузарлықты ислеген пуқараларға нызамшылықта белгиленген тәртипте шара көрилген.
Сондай-ақ, ўақыяның ҳәзирги күнде емес, буннан 4 жыл бурын жүз бергенлигин дәлиллеўши және бир қызықлы факт – тармақларда жәрияланған мәмлекетик белгиси 95 Q 587 CA болған «ЗИЛ» маркалы автокөликтиң реңи сол ўақытта ҳаўа реңде, ал ҳәзирги күнде болса, бул жүк транспорты басқа реңде екенлиги анықланды.
Бул ҳаққында усы автотранспорт басқарыўшысы пуқара Ж.А. былай дейди:
– 2019-жылдың 29-июль сәнесинде интернет тармағында мениң басқарыўымдағы мәмлекетик белгиси 95 Q 587 CA болған «ЗИЛ» маркалы автотранспорт пенен байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққындағы хабарды оқып ҳайран калдым. – Себеби, бул ўақыя буннан 4 жыл алдын жүз берген еди. Және бир айта кететуғын факт, интернет тармағында жәрияланған фотосүўретте автокөлик ҳаўа реңде сүўретленген. Ал, усы ўақыядан бир жыл өтип, 2016-жылы автотранспорт реңин әскерий реңге өзгерткенмен.