Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллоҳтың «Иймон» атлы китабы қарақалпақ тилине аўдармаланды. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы хабар берди.

Бул китап Шайх ҳәзиретиниң дәслепки китапларының бири болып, 1991-жылы биринши мәрте басып шығарылған еди. Кейин ала китап қайта-қайта баспадан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта китаптың қарақалпақ тилиндеги аўдармасы басып шығарылмақта.

Китаптың қарақалпақ тилиндеги аўдармасы тез арада сатыўға шығарылыўы күтилмекте.

Китап сатыўға шыққаннан соң оны Өзбекстан бойлап барлық филиаллардан ҳәм интернет арқалы kitoblardunyosi.uz сайтынан онлайн тәризде сатып алыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.