Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине байланыслы 31-июль ҳәм 1-август күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Сапардың тийкарғы ўақыялары 1-август күни Минск қаласындағы Ғәрезсизлик сарайында болып өтти.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко тар шеңберде ушырасыў өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы мирәт еткенлиги ҳәм көрсетилген миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанның Беларусь пенен шериклик қатнасықларын кеңейтиўге айрықша әҳмийет қарататуғынлығын атап өтти.
-Сизиң Өзбекстанға әмелге асырған тарийхый сапарыңыздан, сөйлесиўлеримизден соң мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда жаңа ҳәм анық мазмун менен байыды, бул өз жемислерин бермекте. Мәмлекетлеримиз аймақлары арасында нәтийжели байланыслардың жолға қойылғаны буның айқын мысалы есапланады. Биз өз-ара алмасыўлар ушын жақсы тийкар жараттық. Барлық дәрежелерде бирге ислесиўге тилек бар. Бүгин биз ерисилген нәтийжелерди таллаўымыз, сондай-ақ, келешекте табыслы бирге ислесиў мүмкин болған өсиў тийкарларын биргеликте белгилеп алыўымыз әҳмийетли,-деди Шавкат Мирзиёев.
Беларусь Президенти жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, бирге ислесиўде қысқа ўақытта үлкен нәтийжелерге ерисилип атырғаны, бул ушырасыў оны және де жоқары басқышқа алып шығатуғынлығын атап өтти.
-Соңғы еки жылда Сиз бенен биргеликте мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды пүткиллей өзгертип жибердик, мазмун жағынан оларды жаңадан жолға қойдық. Усы ўақыт ишинде әмелге асырған жумысларымыз өткен 25 жыл даўамында исленгенлерден де артық болды. Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў ҳәзирги күн талапларына жуўап бермейди, оны избе-из арттырып барыўымыз керек. Сизиң аймақларды бирге ислесиў арқалы өз-ара байланыстырыў бағдарындағы басламаңыз – усы сапар етиўиңиздиң өзине тән тәрепи. Аймақлар басшыларының өз-ара ушырасыўлары болып өтти, көргизбелер ҳәм мәденият күнлери шөлкемлестирилди. Булардың барлығы Беларусьқа еткен сапарыңыздың әҳмийетин және де арттырады. Ең баслысы, жергиликли ҳәкимшиликлердиң басшылары бирге ислесиўге байланыслы көплеген шәртнамаларға қол қойды. Бизиң жумысымыз – жолды ашып бериў, биз бул ўазыйпаны орынлай алдық,-деди Александр Лукашенко.
Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўи кейинги жылларда бир қанша жеделлести. Мәмлекетлераралық қатнасықлардағы жаңа орталық халықларымыздың турмысында сәўлеленбекте. Еки мәмлекеттиң тармақлары, аймақлары ҳәм тиккелей исбилерменлери жақын қатнасықларды жолға қойды. Бул еки тәреп те өз-ара пайдалы, дослыққа қурылған бирге ислесиўдиң тәрепдары екенлигиниң айқын мысалы болды.
Өзбекстан Президентиниң Беларусьқа дәслепки рәсмий сапары алдынан шөлкемлестирилген илажлардың мазмунға бай ҳәм оғада нәтийжели болғанылығы буның дәлийли есапланады.
Мәмлекетлеримиз халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Президентлеримиз түрли саммитлер майданында да ушырасыўлар өткерип өз-ара байланыслардың перспективалы бағдарлары бойынша турақлы түрде сөйлесип келмекте.
Бүгинги күнде саўда-экономикалық байланысларды тереңлестириў, транспорт-коммуникациялық коридорларды раўажландырыў, санаат кооперациясын ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары болып қалмақта.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп қырлы қатнасықлардың бүгинги жағдайы, раўажландырыў перспективалары додаланды.
Мәмлекет басшылары үшинши мәмлекетлердиң базарларын өзлестириў мақсетинде кооперацияны күшейтиў керек екенлигине айрықша итибар қаратты. Сондай-ақ, беларусьлы шериклердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, Өзбекстан менен Евразия экономикалық аўқамының бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўлер рәсмий делегациялар қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирилди. Онда өз-ара саўда көлемин арттырыў, регионаллараралық бирге ислесиў ушын жаңа бағдарларды ашыў, илим, инновациялар, санлы технологиялар, билимлендириў ҳәм туризм тараўындағы байланысларды беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги еки жылда товар алмасыў көлеминиң дерлик 4 есеге өскенлигин, бул көрсеткишти сақлап қалып, саўда айланысын буннан былай да арттырыў керек екенлигин атап өтти. Буның ушын өним жеткерип бериўшилер арасында тиккелей байланысларды орнатыў, бизнес форум ҳәм көргизбелерди көбирек шөлкемлестирип, өз-ара пайдалы бағдарларды анықлаў ҳәм барлық имканиятларды толық иске қосыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Өзбекстан Беларусьқа тоқымашылық, азық-аўқат, химия санааты өнимлери, реңли металл ҳәм оннан таярланған үскене ҳәм буйымлар, транспорт қураллары, аўысық бөлеклерди экпортқа шығарады. Беларусь мәмлекетимизге аўыл хожалығы техникасын, азық-аўқат өнимлерин, ағаш, резина ҳәм каучук, қара металл ҳәм басқа да өнимлерди жеткерип береди.
Президентимиз Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның саўда ағымын терең таллап, товар алмасыў көлемин жеделлик пенен арттырыў бойынша анық усыныслар ислеп шығыўы керек екенлигин атап өтти. Өз-ара тәжирийбе ҳәм технологияларды алмасыў арқалы бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў, олар менен ишки ҳәм үшинши мәмлекетлер базарын толықтырыў перспективалары додаланды.
Александр Лукашенко Беларусь – Өзбекстан бирге ислесиўи әпиўайы дослық қатнасықлары менен шекленбеўи керек екенлигин атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўдаң көп қырлы бағдарламасы сөйлесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға өз-ара умтылыстың айқын дәлили болғанлығын атап өтти.
– Өзбекстан экономиканы диверсификациялаўда үлкен жетискенликлерге еристи, автомобиль қурылысы, нефть-газ, химия санааты, аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў сыяқлы жаңа тармақлар шөлкемлестирилди. Беларусь биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў арқалы Өзбестан менен экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр, – деди Александр Лукашенко.
Беларусь узақ мүддетли бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў, қоспа кәрхана ҳәм сервис орайларын шөлкемлестириў, сүтти қайта ислеўши заманагөй комплекслер, фармацевтика қуўатлықларын иске түсириў, мәлимлеме технологиялары тараўында шерикликти беккемлеўден мәпдар екенлигин атап өтти.
Аўыл хожалығы, машина қурылысы, тоқымашылық, былғары тери ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика ҳәм экономиканың басқа да перспективалы тармақларында кооперацияны буннан былай да күшейтиў де әҳмийетли бағдарлар екени атап өтилди.
Еки мәмлекеттиң аймақларындағы бар потенциалды толық жүзеге шығарыў бойынша биргеликтеги пикир билдирилди. Өзбекстан Президентиниң сапары алдынан Минскте болып өткен форумда тәреплердиң бирге ислесиўге болған умтылысы исенимли, өз-ара пайдалы жойбарлардың көп екенлиги белгили болды.
Илим, инновациялар, санлы технологиялар, билимлендириў тараўлары өз-ара қатнасықлардың әҳмийетли қурамлы бөлеги есапланады. Өйткени, буларсыз бирге ислесиўдиң узақ мүддетли перспективаларын белгилеп болмайды.
Беларусьтың санлы технологиялар, программаластырыў ҳәм мәлимлеме коммуникацияларын енгизиў бағдарындағы алдынғы тәжирийбесине қызығыўшылық күшли. Өз-ара сөйлесиўде билимлендириў тараўына тийисли бағдарлама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў, биргеликте изертлеўлер алып барыў, қоспа факультет ҳәм лабораторияларды ашыў, оларға жасларды тартыў мәселелерине итибар қаратылды.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў барған сайын жеделлеспекте. Өткен жылы Беларусь Президентиниң сапары шеңберинде Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң базасында Беларусь – Өзбекстан билимлендириў орайы ашылды. Бүгинги күнде еки мәмлекеттиң 15 жоқары билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў жолға қойылған.
Елимизде илим, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа да тараўлардағы өзгерислерде беларусь миллетиндеги жерлеслеримиздиң де мүнәсип үлеси бар. Ташкент қаласында «Свитанак» Беларусь мәденият орайы нәтийжели жумыс алып бармақта. Оның бир неше белсендилери Президентимиз пәрманына бола мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған.
Өткен жылы Ташкентте атақлы беларусь жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Якуб Коластың бюсти орнатылған еди. Мәмлекетимиз басшысының сапары алдынан күни кеше Минск қаласында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы бюстиниң ашылғаны халықларымыздың мәдений байланысларының жаңа басқышқа көтерилгениниң және бир айқын дәлили болды.
Өз-ара сөйлесиўлердиң жуўмағында қабыл етилген қарарлар ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «Жол карта»сын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.
Ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың Биргеликтеги билдириўи қабыл етилди.
Еки мәмлекеттиң ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары арасындағы 11 ҳүжжетке қол қойылды. Олар өндирис ҳәм илимий-техникалық кооперация, аймақлараралық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, ғалаба хабар қураллары, баспа ҳәм полиграфиялық жумыс, мәлимлеме коммуникация технологиялары, бажыхана ҳәм басқа да тараўларға тийисли.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда мәмлекет басшылары сөйлесиўлердиң ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткенлигин, өз-ара пайдалы келисимлерге ерисилгенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиўлердиң оғада нәтийжели болғанлығы, тәреплердиң биргеликтеги пикири ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли барлық мәселелерде унамлы нәтийжелерге ерисилгенин, қатнасықлар пүткиллей жаңа түрде раўажланыўда даўам ететуғынлығын атап өтти.
– Жақсы дәстүрге айланған турақлы түрдеги ушырасыўларымыз Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға беккем тийкар жаратты. Бүгин дослыққа қурылған орталықта болып өткен сөйлесиўлерде еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин додалап, келешектеги жаңа ўазыйпаларды белгилеп алдық. Ерисилген келисимлер сиясий, саўда-экономикалық, иннвоациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған, – деди Шавкат Мирзиёев.
Беларусь Президенти өткен жылы мәмлекетлеримиздиң өз-ара саўда айланысы соңғы жыллардағы ең жоқары көрсеткишке шыққанлығын, бул унамлы тенденция быйыл да даўам ететуғынлығын атап өтти.
– Сөйлесиўлеримиз өз-ара исеним ҳәм дослық руўхында өтти және Беларусь ҳәм Өзбекстанның стратегиялық шериклер екенлигин және бир мәрте тастыйықлады. Өзбекстанның кейинги үш жылда ерисип атырған жетискенликлери дос сыпатында бизди оғада қуўантты. Мәмлекет басшылығы экономика тармақларын тек ғана модернизациялап қалмай, ал санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда көлемли өзгерислерди әмелге асырмақта, жаңа бағдарларады турмысқа енгизбекте. Бул бирге ислесиўимиз және де нәтийжели болатуғынлығына үмит бағышлайды, – деди Александр Лукашенко.
Тәреплер буннан былай да халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынлығын тастыйықлады.
Сапар алдынан Минскте болып өткен аймақлараралық форумда еки мәмлекеттиң қала ҳәм ўәлаятлары арасында 12 ҳүжжет, сондай-ақ, улыўма баҳасы дерлик 300 миллион долларға тең болған шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғанлығы атап өтилди.
Усы күнлерде Беларусьта даўам етип атырған Өзбекстан мәденияты күнлери әҳмийетли ўақыя болып, халықлараымыз арасындағы дослық байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынлығы атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен биргеликте Ҳүрметли мийманлар бағына барып, халықларымыздың дослығы ҳәм туўысқанлығының белгиси сыпатында нәл екти.
Күнниң екинши ярымында мәмлекет басшылары Минскте шөлкемлестирилген «Өзбекстанда ислеп шығарылған» бренди астындағы миллий өнимлер көргизбесине барды.
Мәмлекетлеримиздиң кең түрдеги өним ҳәм хызметлери ушын «БелЭкспо» миллий көргизбелер орайында айрықша комплекс ажыратылған.
3 мың квадрат метрге тең жабық манежде 25 экслюзив стендлер қурылып, «Өзэлтехсанаат», «Өзтоқымашылықсанаат», «Өзбылғарысанаат», «Өзбеказықаўқатхолдинг», «Өзбекхимиясанаат», «Өзбекнефтьгаз», «Өзсанаатқурылысматериаллары», «Өзтрейд», Наўайы ҳәм Алмалық кән металлургия комбинатлары сыяқлы жетекши компания ҳәм ассоциациялар, Фармацевтика тармағын раўажландырыў, Жүзимшилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентликлериниң өнимлери көргизбеге қойылған. 500 квадрат метрлик ашық майданда болса автомобильлер, аўыл хожалығы техникасы, жүк машиналары, автобуслар ҳәм басқа да товарлардың көргизбеси болды.
Көргизбеде он ўәлаятымыздан 100 ден аслам кәрхана ҳәм исбилерменлик субъектлери өз өнимлери ҳәм хызметлери менен қатнаспақта. Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға да айрықша итибар қаратылған.
29-июль күни ашылған бул көргизбеге Беларусьтың барлық аймақларынан исбилермен топарлар, саўда ҳәм санаат шөлкемлери және кең жәмийетшилик ўәкиллери келмекте.
Александр Лукашенкоға мәмлекетимиз компанияларына қуўатлылығы ҳәм потенциалы, өнимлериниң сапасы ҳаққында айтып берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның компания ҳәм агентликлериниң жуўапкерлерине Беларусьтағы мәпдар кәрханалар менен кооперациялық байланысларды орнатыў, қоспа саўда ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимиз Беларусь Бас министри Сергей Румас пенен биргеликте Минск қаласындағы «Беларусь» жоқары технологиялар паркиниң жумысы менен танысты.
Бул парк 2005-жылда мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыўға қолайлы орталық жаратыў, сол арқалы мәмлекет экономикасының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген. 2014-жылда оған бир қатар жеңилликлер берилип, жумыс бағдарлары кеңейтилген.
Бүгинги күнде бул парк программаластырыў, мәлимлеме технологиялары, экономика тармақлары ушын инновациялық шешимлер, консалтинг ҳәм басқа да бағдарларда жетекши орайлардан бирине айланған. Бул жерде ислеп шығылған программалық өнимниң 90 процентинен асламы экспортқа шығарылмақта, 67 мәмлекет компаниялары олардың буйыртпашылары есапланады.
Президентимизге паркте банк-финанс, медицина, аўыл хожалығы, экология ҳәм басқа да тараўлар ушын жаратылған инновациялық шешим ҳәм қолланбалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул технопарк резидентлери имканиятларының Өзбекстанда көргизбесин шөлкемлестириў усынысын алға қойды. Технологиялық бирге ислесиўди беккемлеў, кадрлар таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын байланысларды кеңейтиў бойынша усыныслар берилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Беларусь Республикасына рәсмий сапары жуўмақланды.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршысы
Минск.