Жақында, Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының жетекши қәнигелери республикамыздың бир қатар районларында болып, агроном-инспекторлардың алып барып атырған жумысларын үйренип, усы районлардағы «өсимликлер клиника»ларының шараятлары менен жақыннан танысты.
Бундағы мақсет – агроном-инспекторлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, олардың атызды қадағалаў жумысларын күшейтиўден ибарат. Себеби, күнниң жүдә ыссы болыўы ҳәр қандай зыянкеслердиң тез кирип келиўине, тарқалыўына ҳәм көбейиўине алып келеди. Сонлықтан, агроном-инспекторлар ҳәр күни атызларды көзден өткерип, зыянкеслерге қарсы илажларды ўақтында алып барыў талап етиледи.
– Бүгинги күнде мәмлекетимизде карантиндеги зыянлы организмлердиң Өзбекстан аймағына кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, өсимлик ҳәм мийўе-овощ өнимлериниң экспортын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпакстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының сыртқы карантин бойынша жетекши агрономы Аралбай Сапарниязов. – Өсимликлер дүньясын қәўипли зыянкеслерден, өсимликлер кеселлигинен, жабайы шөплерден қорғаўды тәмийинлеў өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға өз тәсирин көрсетпекте.
Аўыл хожалығы егинлериниң зыянлы организмлерине қарсы гүресиўде дурыс өткерилген ҳәр бир қадағалаў, бақлаў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе. Бул илажлар зыянлы организмлердиң пайда болыўын, раўажланыўын ҳәм тарқалыўының алдын алатуғын тийкарғы фактор есапланады.
– Биз бул тексериў жумысларымызда Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай районларында болып, бул районлардың агроном-инспектораларының атызларды қадағалаў дәптерлерин тексердик ҳәм «өсимликлер клиника»ларының жумыслары менен жақыннан таныстық,-дейди ишки карантин бойынша жетекши агроном Улуғбек Жумамуратов. –«Өсимликлер клиникалары» усы аймақтағы дийқан-фермер хожалықлары ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелериниң мүрәжатлери тийкарында зыянкеслерге қарсы гүрес жумысларын алып бармақта.
Сары шөплер қурамында «кускудин» ҳәм «кусталин» деген алкогоидлар болып, бул жабайы шөплерди жеген ҳайўанлар зәҳәрлениўи мүмкин. Сары шөплер менен зыянланған өсимликлер зыянкеслерге ҳәм кеселликлерге шыдамсыз болып қалады. Сонлықтан, биз агроном-инспекторлар усы жабайы шөптиң өнимге тәсири, оған қарсы агротехникалық илажлары ҳаққында дийқан-фермерлерге кеңирек түсиник бериўге ҳәрекет етип атырмыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.