Жақында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, пуқаралардың артықша әўере-сарсаң болыўының алдын алыў ҳәм бюрократлық жағдайларға жол қоймаў ҳәм 2019-жылдың алты айы даўамында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў, ўазыйпаларды орынлаў бағдарында әмелге асырылған жумысларды талқылаў мақсетинде ишки ислер, денсаўлықты сақлаў министрликлери, архитектура, мәмлекетлик кадастр басқармалары, коммуналлық хызметлер көрсетиўши ҳәм басқа да мәкеме, уйымлардың жуўапкер ўәкиллери қатнасыўында семинар өткерилди.  

Семинарда шығып сөйлеген Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Е.Досанов, бөлим баслығы А.Давлетов ҳәм басқалардың атап өткениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарындағы унамлы өзгерислер халқымыздың өмиринде ҳәм күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта. Нәтийжеде  пуқараларымыздың жәмийетлик белсендилиги, ертеңги күнге деген исеними артып бармақта.

Атап айтқанда, 2019-жылдың өткен дәўири ишинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 109 түрдеги 520 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болып, өткен 2018-жылға салыстырғанда хызмет көрсетиў 7,2 есеге көбейген. 6 мыңнан аслам нызамбузыўшылық жағдайы анықланып, олар бойынша мәмлекетлик хызмет көрсететуғын ўәкилликли уйымларға 20  усыныс, 41 ескертиў киргизилди ҳәм 109 лаўазымлы шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.

Президентимиздиң 2019-жыл 15-февраль күнги «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын және де комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары болса, бул бағдарда ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.