Аи-91 бензининиң баҳасы 15-августтан биржа саўдалары арқалы еркин белгиленеди. Ҳәзирги ўақытта бир литр Аи-91 биржада юридикалық шахсларға орташа 5500 сумнан сатылмақта. Бул ҳаққында «Gazeta.uz» сайты хабар бермекте.
15-августтан баслап Аи-91 маркалы бензинниң баҳасы биржа саўдалары арқалы белгиленеди.
«Өзбекнефтьгаз» компаниясының «Gazeta.uz» ға хабар бериўинше, Аи-91 ендигиден былай қатаң белгиленген баҳада сатылмайды. Ҳәзирги ўақытта оның бир литри 4500 сумнан.
Аи-91 бензинин сатып атырған жанылғы қуйыў шақапшалары енди оны биржа саўдаларынан сатып алады ҳәм баҳаларды өз қәрежетлеринен келип шығып еркин түрде белгилейди.
15-августтан Аи-80 бензини 4500 сумнан, дизель жанылғысы 5400 сумнан, ЭКО дизель жанылғысы 5700 сумнан сатылады.
Өзбекстанда автобензинлер (Аи-80, Аи-90, Аи-92 ҳәм Аи-95) ҳәм дизель жанылғысы Ферғана ҳәм Бухара нефьтти қайта ислеў заводларында ислеп шығарылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги