Ташкент қаласында «Сайлаў кампаниясын сәўлелендириўде  ғалаба хабар қуралларының потенциалын жетилистириў» темасында еки күнлик семинар-тренинг болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баспасөз хызмети хызметкерлери, сайлаў комиссияларының хаткерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан журналистлерди қайта таярлаў орайы және Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң елимиздеги жойбарларының координаторы менен биргеликте «Сайлаў кампаниясын сәўлелендириўде  ғалаба хабар қуралларының потенциалын жетилистириў»  қоспа жойбары әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде шөлкемлестирилген дәслепки илаждың тийкарғы мақсети, сайлаў уйымлары баспасөз хызметлериниң потенциалын, олардың ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, сайлаў процесиниң ашық ҳәм жәриялылық түрде өткерилиўинде журналистлеридиң билим және көнликпелерин жетилистириўден ибарат.

Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети халықаралық журналистика факультетиниң доценти Беруний Алимов, Өзбекстан журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери Қабылжан Хидировлар сайлаўалды үгит-нәсият жумысларын алып барыўда көп ушырасатуғын  кемшиликлер, оларды сапластырыў усыллары, шет ел журналистлери менен ислесиў, нақолай ҳәм провокациялық сораўларға жуўап бериў, сайлаў процесинде гендер мәселелерине тоқтап өтти. Сондай-ақ, нәтийжели интервью бериў, ҒХҚ ушын таярланатуғын мағлыўматларды визуалластырыў, сайлаў күни даўамында баспасөз хызметлери ҳәм  ҒХҚ арасында бирге ислесиў, пресс-релизлерди таярлаў бойынша кең түрде түсиник берилди.

Еркин, ашық сайлаў системасы-ҳуқықый демократиялық мәмлекет және күшли пуқаралық жәмийетиниң ең әҳмийетли факторларынан бири есапланады. Себеби, сайлаў арқалы пуқаралар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға тиккелей қатнасады. Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи ғәрезсизлик жылларында қәлиплескен миллий сайлаў нызамшылығымызды, демократиялық сайлаўларды өткериў бойынша дерлик 30 жыллық тәжирийбемизди буннан былай да беккемлеў ҳәм жетилистириўде үлкен қәдем болды.

Сайлаў кодексиниң әмелиятқа енгизилиўи менен отызға жақын нызам ҳәм ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер және қосымшалар киргизилди. Миллий сайлаўшылығымызда бурын болмаған онлаған жаңа нормалар менен  қағыйдалар киргизилди,  әмелдеги айырым тәртип-қағыйдалар бийкар етилди.  Кодексте процессуал, яғный тиккелей сайлаў процесслери менен байланыслы бир қатар жаңа қағыйдалар енгизилди. Быйылғы сайлаў биринши мәрте усы кодекс тийкарында өткериледи.

Илаж барысында  болажақ сайлаўларда сайлаў комиссиялары алдында турған ўазыйпалар, атап айтқанда, халықтың хабардарлығын арттырыў,  сайлаўшылардың ҳуқықый билимин жетилистириў, сайлаў илажының ашық, жәриялылық және халықаралық стандартларға муўапық өткериўдиң әҳмийетли мәселелери сөз етилди. Орайлық сайлаў комиссиясы ўәкиллери тәрепинен Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди.

Жойбар шеңберинде сайлаў уйымлары баспасөз хызметлери ҳәм журналистлер ушын арнаўлы қолланба басып шығарыў, раўажланған еллердиң тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде әмелий сапарлар шөлкемлестириў режелестирилген.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.