Министрлер Кабинетиниң «2019-2022-жылларда Әндижан ўәлаятының санаат потенциалын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды.

Онда көрсетилиўинше, Әндижан ўәлаятының Асака районында жаңа аввтомобильлерди ислеп шығарыў бойынша жойбар әмелге асырылады.

Әндижан ўәлаятында 2019-2022-жылларда әмелге асырылатуғын санаат жойбарлары дизиминиң машина қурылысы ҳәм аўысық бөлеклер санааты бөлиминде айтылыўынша, Асака районында жаңа автомобильлерди ислеп шығарыў шөлкемлестириледи.

Жойбардың интакери «GM Uzbekistan»  АЖ болып, жойбардың баҳасы – 2 124 300,0 млн сум (2,1 трлн сум). Усы қунның 637 500,0 млн сумы кәрхананың өз қаржылары, 91 500,0 мың доллар сырт ел кредити, 85 500,0 мың доллары сырт ел инвестициясы есабынан тартылады.

Ҳүжжетте көрсетилиўинше, жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 800 жаңа жумыс орны жаратылады. Иске түсиў мүддети – 2022-жыл март, жуўапкер – «Өзавтосанаат» АЖ.

Буннан тысқары, Асакада автомобильлерге комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўды кеңейтиў жойбары әмелге асырылады. «Kapital Rubber Technology» ЖШЖ интакери болған жойбардың баҳасы 5 500,0 млн сум. Иске түсиў мүддети 2019-жыл сентябрь.

Сондай-ақ, бул районда автомобильлерге комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары да әмелге асырылады. Жойбардың баҳасы – 800,0 млн сум, иске түсиў мүддети – 2019-жыл сентябрь.

ӨзА