Ферғанада шаңарақтағы жәнжел қайғылы ўақыя менен жуўмақланып, күйеўи өз зайыбының жынаятшысына айланды.

Инсан ушын шаңарақ қурыў, перзентлерин ҳақыйқый инсан етип камалға келтириў ҳәм парыз, ҳәм қарыз. Бир-бирине кеўил қойып, жақсы көрип турмыс қурған Шоҳрух ҳәм Гулбаҳор (атлары өзгертилген) да мине усындай арзыў-нийетлер менен жасап атыр еди. Олар үш перзентли болып, балаларына шырайлы атлар қойды. Бул шаңарақта улыўма даў-жәнжеллер болмайтуғын, турмыста ушырасатуғын арзымас тартысыўлар болып қалса және тез жарасып кететуғын еди. Ерли-зайыплылар мине усындай жақсы күнлердиң қәдирине жетпеди. Шаңарақты кәстерлеп сақлаў, оған шаң жуқтырмаўдың орнына жаман иске қол урылды.

Шоҳрух оғада қызғаншақ еди. Ҳәдислерде, қызғаныш ийманнан деп есаланады, деп айтылған. Қызғаныш дегени әйтеўир нәрсеге де сүйген инсанын тергей бериў, оның ҳәр бир ис-ҳәрекетине тосқынлық етиў дегени емес? Қызғаныштың да орынлы ҳәм нормада болғаны өмирдиң және де заўықлы өтиўинде әҳмийетли орын ийелейди. Ол қызғаныш себепли жоқары мағлыўматқа ийе болған өмирлик жолдасына жумыс ислетпеди.

Ш.Ғуломов колледжде оқытыўшылықтан босағаннан соң кейинги алты ай ишинде жумыссыз болып, спиртли ишимликке берилип кетти. Усы жыл 9-март күни оның дайысы қызын турмысқа шығарды. Ерте таңнан аўылындағы тойханаға таңғы асқа барып хызметте болды. Тойда болса қуўанышын белгиледи, спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында үйине қайтты.

Үйге кирип мийманханада болған ҳаялы Гулбаҳордан дайысының тойына не себептен бармағанын сорады. «Өзиңиз барма дедиңиз ғо», деп жуўап береди оған ҳаялы. Ортада жәнжел басланды. Мәс ҳалында өзин ирке алмаған Шоҳрух қолы менен ҳаялының басына ҳәм бетлерине бир неше мәрте  муш пенен қатты урды. Ақыбетинде өз қолының 4 бармағының сүйеги сынады. Избе-из берилген соққылар ақыбетинде ҳаялы есин жойытып, еденге жығылады. Ислеген исиниң унамсыз ақыбетинен қорыққан Шоҳрух ҳаялына жәрдем көрсете баслайды. Суў алып бетине себеди. Ас қасығы менен тилин услаўға ҳәрекет етеди, жийенине жедел түрде «Қыстаўлы жәрдем» шақырыўды айтады. Бирақ емлеўханада Ғ.Ғуломова алған дене жарақатлары ақыбетинде көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан қайтыс болған.

Жынаят ислери бойынша Бешариқ районлық суды тәрепинен усы жынаят иси көрип шығылды. Ш.Ғуломовқа сегиз жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Үш жас өспирим перзентлери атасының қараўында қалды.

Өзбекстан районында жүз берген бул жынаят ҳәммени және бир мәрте сергекликке шақырады. Әлбетте, ҳүким оқылды, жынаят жазасыз қалмады. Бирақ бундай ўақыялар адамды узақ ойлаўға, пикир жүритиўге ийтермелейди. Жаратқанның зийнети болған өмирин гөззал ҳәм қуўанышлы мәўритлерге бай етип өткериў инсанның өз қолында. Ҳәзирги нәўқыран жасында илимин, билектеги  күшин елдиң абатлығы, раўажланыўы жолында жумсаўдың орнына ишиўшиликке берилип, ақыбетинде болса инсаныйлық келбетин жоғалтқан Ш.Ғуломовтың ис-ҳәрекетлерине қандай мүнәсибет билдириў мүмкин? Зайыбын қызғаныш себепли тойға жибермей және оны тойға бармағанлықта айыплаған, аўыр дене жарақатын жеткерген, өлим босағасында турған ҳаялға шыпакерлерди жақынластырмаған Шоҳрух ишимлик себепли усындай жаман исти әмелге асырғаны кеўиллерге ғам-қайғы салады. Ол бир мүддет өтип өзине келсе ғана, сонда қандай жаўызлыққа қол урғанын, жанынан артық көрген ҳаялының жынаятшысына айланғанын сезгенде қандай аўҳалға түседи екен? Мәкан пуқаралар жыйыны, районлық ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» орайы негизинде усы шаңарақтағы келиспеўшиликлердиң алдын алыўы керек емеспе еди.

Ўақыт ҳәммесин көрсетеди. Өзиниң айыбына жараса жаза алған Ш.Ғуломов арадан ўақытлар өтип өзиниң шаңарағына қайтады. Бирақ оған шекем атасының қушағында шырқырап қалған, ана меҳирин сағынған перзентлери ержетеди. Күнлер келип қәтелерин түсинип, пушайман болып, тәўбелер менен үйиниң босағасын атлап кирип келген әкесин – анасының өлимине себепши болған жынаятшыны кешире алса болды. Негизинде турмыстың аяўсыз екени-де мине усында.

Фурқатжон СОБИРОВ,

Жынаят ислери бойынша

Бешариқ районлық судының баслығы.

ӨзА