Минск, 29-июль. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий сапары алдынан Минск қаласында Өзбекстан – Беларусь аймақлараралық форумы басланды. Онда еки мәмлекет аймақларының ўәкиллери қатарында парламентлердиң ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, исбилерменлер қатнаспақта.
Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўин кеңейтиўде әҳмийетли сөйлесиў майданы, деп баҳаланып атырған бул форумда жетекши тармақлар ҳәм аймақлардың ўәкиллерин бир жерге жәмлеў, усы тәризде жойбарлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў әмелиятын кеңейтиў, улыўма айтқанда, ҳәр бир пайдалы тараўда өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған.
Форумның дәслепки күни сессия мәжилислери тәризинде өтти.
Санаат кооперациясы мәселелерине бағышланған биринши сессияда аўыл хожалығы, машина қурылысы, электротехника, фармацевтика сыяқлы тараўларда шериклик байланысларын кеңейтиў ҳаққында сөз жүргизилди.
Екинши сессия аграр тараўына бағышланды. Онда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, өсимликтаныў, селекция, шарўашылық, ветеринария тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Гуманитар, мәлимлеме-коммуникация, илим тараўларындағы байланысларды раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген мәжилисте технопарклерди жетилистириўде тәжирийбе алмасыў, аймақлараралық инновациялық бирге ислесиўди кеңейтиў, туризм, билимлендириўди цифрластырыў сыяқлы перспективалы бағдарлар ҳаққында пикир алысылды.
Форум 30-июль күни өз жумысын даўам еттиреди.
Улыўма айтқанда, рәсмий сапар алдынан аймақлар ҳәм исбилерменлер шеңбериндеги бирге ислесиў жеделлесип атырғанын атап өтиў керек. Бүгин Минсктеги «Бел-Экспо» миллий көргизбелер орайында Өзбекстан миллий санаат көргизбеси де ашылды.
Бул илаж Беларусьқа Өзбекстан санааты өнимлерин жеткерип бериў көлемин арттырыў, усы мәмлекеттиң бизнес ўәкиллерин елимиздиң экспорт ҳәм инвестициялық потенциалы менен кеңнен таныстырыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Элёр Ғаниев еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық байланыслар раўажланып атырғанын, жақын перспективада товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екенин атап өтти.
Беларусь Республикасы Бас министриниң орынбасары Владимир Дворник бул илаж 2018-жылы Ташкентте өткерилген Беларусь миллий көргизбеси шеңберинде басланған исбилерменлик қарым-қатнастың даўамы екенин атап өтти.
Көргизбеде мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан машина қурылысы, электротехника, қурылыс, медицина ҳәм фармацевтика, нефть химиясы, жеңил санаат, мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўларға қәнигелескен 80 кәрхана мыңнан аслам түрдеги өнимлери менен қатнаспақта. Өзбекстанның туризм бағдарындағы имканиятларын үгит-нәсиятлаўға кеңнен орын берилген.
Өзбекстан миллий санаат көргизбеси 2-августқа шекем мийманларды қабыл етеди.
ӨзА