Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине байланыслы 2019-жыл 31-июль ҳәм 1-август күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Минск қаласында жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Беларусь сөйлесиўиниң даўамы сыпатында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жағдайын және перспективаларын, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалаў режелестирилген.

Президентлер Өзбекстан миллий санаат көргизбеси ҳәм Беларусь жоқары технологиялар парки менен танысады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Президентлердиң Биргеликтеги билдириўине қол қойылыўы және Өзбекстан-Беларусь көп қырлы шериклигин, соның ишинде, инвестициялар, өндирис, илимий-техникалық кооперация тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге, аймақлар арасында тиккелей байланысларды орнатыўға беккем тийкар жарататуғын салмақлы ҳүжжетлер топламының қабыл етилиўи күтилмекте.

ӨзА