Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, 2019-жылдың январь-июнь ҳалатына бола халықтың улыўмалық дәраматлары 153,3 трлн.сумды, номинал өсиў пәти 121,7% ти қурады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистикалық комитети хабар бермекте, деп келтирип өтеди kun.uz хабарында.
Онда сөз етилиўинше, халықтың дәраматлары бойынша реал өсиў тезлигин есаплаўда баҳа факторларының тәсирин шығарып таслаў мақсетинде инфляция көрсеткишлериниң тийкарғы түрлеринен бири – тутыныў баҳалары индексинен пайдаланылады. Тутыныў баҳаларының өзгериўи себепли өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда халықтың улыўмалық дәраматларының реал өсиў тезлиги 107,2% ти қураған.
Халықтың жан басына орташа улыўма дәраматлары бойынша Ташкент қаласында (9276,8 мың сум) ҳәм Наўайы (7037,3 мың сум), Бухара (5082,8 мың сум), Ташкент (4791,9 мың сум) ҳәм Хорезм ўәлаятларында (4643,9 мың сум) орташа республика дәрежесинен жоқары болған көрсеткишлерде бақланған.
Халықтың жан басына дәраматларын ең төменги көрсеткишлери болса Қарақалпақстан Республикасы (3348,9 мың сум) және Наманган (3437,4 мың сум) ҳәм Ферғана (3657,4мың сум) ўәлаятларында бақланған.
Халықтың жан басына улыўмалық дәраматларының ең жоқары реал өсиўи Ташкент қаласы (12,6%) ҳәм Қарақалпақстан Республикасына (9,4%) туўра келген. Сондай-ақ, Наўайы (8,1%), Сырдәрья (6,3%) Әндижан (5,9%) ўәлаятларында халықтың жан басына улыўмалық дәрамат көрсеткишлериниң реал өсиўи республика дәрежесинен жоқарыны қураған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги