Өзбекстан жаслар аўқамы Хожели районлық Кеңеси тәрепинен «Жазды «Камалак» пенен» жойбары шеңберинде көплеген илажлар өткерилмекте.
-Бундағы тийкарғы мақсет, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды түрли дөгереклерге тартыў болып табылады,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Хожели районлық Кеңесиниң жетекши қәнигеси Азина Ильмуратова.-Атап айтқанда, район орайындағы «Туран» мәдений дем алыў бағында жаслар сейиллери, жас сүўретшилердиң галереялары, жас китапқумарлар менен ушырасыўлар турақлы шөлкемлестирилмекте.
Жаслардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде стол тенниси, қол урысы, дартс, шашка жарыслары өткерилип, жеңимпазларға естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары «Муртазабий» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Жайрона Юсупбаеваның ҳал-жағдайынан хабар алды. Үй шараятында билим алып атырған оған жаслар тәрепинен түрли атамадағы китаплар саўға етилди.
«Жазды «Камалак» пенен» жойбары шеңбериндеги бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.