«Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, Орайлық банктиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында республикамыздың алтын-валюта резервлерин сақлаў ҳәм басқарыў белгиленген, делинеди Орайлық банк мәлимлемесинде.
Алтын-валюта резервлерин есаплаў методикасы Халықаралық валюта фондының стандартлары тийкарында жүргизиледи. Алтын-валюта резервлериниң қурамы сырт ел активлери ҳәм қуйылған түриндеги монетар алтыннан ибарат.
Алтын-валюта резервлерин нәтийжели басқарыў мақсетинде Орайлық банк тәрепинен резервлердиң жалпы ҳәм сап қунының есабы жүргизиледи.
Сап алтын-валюта резервлери коммерциялық банклер ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларының (Қаржы министрлиги, Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры буған кирмейди) Орайлық банкте ашылған есап бетлериндеги валюта қаржыларын, яғный, Орайлық банктиң усы шөлкемлер алдындағы миннетлемелерин есапқа алмайды.
Өзбекстан Республикасының алтын-валюта резервлери 1-июль ҳалатына бола 27105,6 млрд. АҚШ долларын қурап, өткен айға салыстырғанда сезилерли дәрежеде көбейгенин атап өтиў керек.
Орайлық банк тәрепинен 1-июнь ҳалатына бола усынылған статистикада Өзбекстан Республикасының алтын-валюта резервлериниң муғдары 25837,3 млрд. АҚШ долларын қураған еди.
ӨзА