Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында жоқары оқыў орынлары менен кәсип-өнер коллежлери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеўге бағышланған «старт-ап» ҳәптеликлери өткерилмекте.
Усындай ҳәптелик Кегейли районында да болып өтти.
Бул илажларды өткериўден тийкарғы мақсет – районлардағы кəсип-өнер коллежлери питкериўшилерин жумысқа орналастырыў ҳәм өз исбилерменлигин ашыўға көмеклесиў, оларға керекли мəсләҳәтлер бериў, олардың өз бизнес идеялары тийкарында ислеп шығылған жойбарларын қоллап-қуўатлаў, бизнес жойбарларды əмелге асырыўы есабынан реал дəраматларға ийе болыўға бағдарлаў болып есапланады.
Оған Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Кегейли районлық бəнтликке көмеклесиў орайы, коммерциялық банклердиң баслықлары, «Бир айна» орайы хызметкерлери, райондағы кəсип-өнер коллежлери питкериўшилери қатнасты.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки ҳəм Кегейли районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Илажда райондағы 6 кəсип-өнер коллежлеринен 52 питкериўши өз бизнес идеялары менен қатнасып, олардың бизнес жойбарлары, инновациялық идеялары қәнигелер тәрепинен көрип шығылды.
Өткерилген илажда қәнигелер қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берип, колледж питкериўшилерин исбилерменликке бағдарлаў, оларға бизнес реже дүзиўдиң әҳмийети, кредит алыў тәртиплери, исбилерменликти жолға қойыў ушын мәмлекетлик дизимнен өтиўдиң тәртиплерин түсиндирип, ҳәзирги күнде колледж питкериўшилери ушын жаратылған имканиятлар, жеңилликлер туўралы кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Илажда 11 колледж питкериўшисиниң «старт-ап» жойбарлары мақулланып, оларға коммерциялық банклер тəрепинен қаржыландырыў ҳаққындағы «Кредитлеў сертификатлары» тапсырылды.
– Ҳәптелик даўамында «старт-ап» жойбары бойынша бизнес режелерди қаржыландырыў ушын илаж өткерилетуғын орынларда микрокредитлер ажыратыў бойынша «мәсләҳәт мүйешлери» шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, жойбарда қатнасқан питкериўшилердиң бизнес режелери ушын кредитлер ажыратыўға сертификатлар берилмекте,-дейди Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының қәнигеси Г.Туреева.
«Старт-ап» ҳәптелиги республикамыз бойлап барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм кәсип-өнер коллежлеринде даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.