Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасында еки күн даўамында басқарыўшы кадрларды таярлаў, Өзбекистанда киши бизнес менеджерлериниң дәрежесин беккемлеў мақсетинде МТП (Management Training Program) жойбарының экспертлери тәрепинен оқыў-семинары өткерилди.

Онда жойбар экспертлери Яннис Зервас ҳәм Фарход Джабборовлар  аймақлық басқарма жанынан шөлкемлестирилген «QARAQALPAQ BIZNES TA’LIM» оқыў орайының жумысын мониторинг етиў мақсетинде «Оқыў орайларында билимлендириў бағдарларын шөлкемлестириў» ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша түсиниклер берип өтти.

Семинарға басқарманың ҳәм оқыў орайының хызметкерлери қатнасты.

Экспертлер  билимлендириўди, потенциалды арттырыў мәселелерине, оқыў орайының жумысын еле де жақсылаўға байланыслы бир қатар темаларға кең түрде тоқтап өтип, пикир-усынысларын билдирди.

Атап айтқанда, басшылардың жуўапкершилиги, басқарыў системасы, ресурсларды басқарыў, баҳалаўды ҳәм талқылаўды жетилистириў, оқыў орайының әҳмийетли көрсеткишлери, қаржы мәселелери бойынша жумысларды басқарыў, инфрастуктура, мийнет етиў үстинен қадағалаў, Европа Тәжирийбе системасының сапасы менен тәмийинлеў, оқыў орайларының Европа стандартлары туўралы түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, «QARAQALPAQ BIZNES TA’LIM» оқыў орайы тәрепинен исбилерменлерге бизнес реже дүзиў, сондай-ақ, өз исбилерменлигин баслаў нийетиндеги жасларға «Бизнести режелестириў», реже дүзиў қағыйдалары, мақсетлери ҳәм ўазыйпаларына бирме-бир тоқтап өтилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.