Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен «Бозатаў» ҳәм «Мәдели» АПЖларына қараслы Шағырлы-Порлытаў аўыллары аралығындағы жергиликли әҳмийеттеги автомобиль жолларын онлаў жумыслары жедел алып барылмақта. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул жумысларға материалллар өз ўақтында жеткерилип берилмекте ҳәм асфальтлаў жумысларына зәрүр техникалар тартылған.
– Усы аймақта бәримизге белгили «Көк суў» көли жайласқан,–дейди «Мәдели» АПЖның турғыны, нураный М.Абубакиров. – Ол жерде еки жылдан берли «Арал балықларынан 99 түрли тағам» атамасындағы дәстүрий фестиваль шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, быйыл усы орында Халықаралық пресс клуб та өткерилди. Өз-өзинен көринип турғанындай соңғы жылларда бул жолларда автотранспортлардың ҳәрекети жеделлести. Әйне пайытта усы жолларда алып барылып атырған оңлаў жумыслары жергиликли халқымызға қуўаныш бағышламақта.
– Ҳәзирги пайытта 1 км жолға асфальт төселген болып, қалған 2 км жолды асфальт төсеўге таярлаў жумыслары алып барылмақта, – дейди кәрхана директоры С.Каленов. – Асфальт жол тез арада пайдаланыўға тапсырылады.