Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-апрельдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққындағы 2017-жыл 20-иньдағы 393-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарында көрсетип өтилиўинше, жоқары оқыў орынларының магистратура бағдарына тапсырыў ушын төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:
1) Магистратура қәнигелиги көрсетилген ҳалда жоқары оқыў орны басшысы (ректоры ямаса директоры) атына арза;
2) Жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжеттиң түп нусқасы (мәмлекетлик грант тийкарында питкерген студентлер ушын берилген жоллама) ҳәм қосымшасы;
3) Илимий журналларда жәриялаған мақалалары ямаса тезислериниң нусқасы (егер бар болса);
4) 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 6 дана реңли фотосүўрет;
5) 086-У формасындағы медициналық мағлыўматнама;
6) 2 дана паспорт нусқасы (түп нусқасы алып келинип көрсетилиўи керек);
7) Әскерий хызметке байланыслылығы ҳаққындағы ҳүжжеттиң нусқасы (1 дана) (түп нусқасы алып келинип көрсетилиўи керек).
Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларында магистратура бағдарына ҳүжжетлер усы жылдың 30-июль күнине шекем (усы күни де) қабыл етиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.