Қараөзек районында 7-июль күни үш егизек перзент дүньяға келди. Бүгинги күнде үш егизектиң ҳәм олардың анасының жағдайы жақсы.
Олардың ата-анасы Руслан Базарбаев ҳәм Гүлсара Есенбаевалар балаларға жақсы нийетлер менен Ҳабибулла, Ҳамидулла ҳәм Халилулла деп ат қойды.
Перзентлердиң әкеси Руслан «Жаслар – келешегимиз» фонды тәрепинен исбилерменлик жумысын баслаўы ушын берилген жәрдемнен өнимли пайдаланып, жеңилликли кредит қаржылары есабынан жеке исбилерменлигин жүргизип киятырған болса, егизеклерди дүньяға келтирген бахытлы ана Гүлсара өмирлик жолдасын қоллап-қуўатлап келмекте. Ал, олардың туңғыш перзенти Алпамыс ҳәзир бес жаста болып, баўыры және де толысқанынан қуўанышқа бөленбекте.
Нәрестелердиң келешеги жарқын болып, ата-анасына ҳәм халқына мүнәсип хызмет етиўине тилеклеспиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.