Нөкис районында 140 орынға мөлшерленген «Радость» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илажды район ҳәкими А.Сейтахов ашты ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жумысларына табыслар тиледи. Ашылыў мәресимине районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы ҳәм аймақта жасайтуғын халық қатнасты. Райондағы «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында қурылған бул балалар бақшасында жаратылған шараятлар, балаларға тәлим-тәрбия бериў усыллары бәршениң кеўлин толып-тастырды.

Шынығыўлар өткерилетуғын бөлмелер, жатақхана, асхана ҳәм басқа да қосымша бөлмелер заманагөй усылда үскенеленген. Рәңбәрең ойыншық ҳәм көргизбели оқыў қураллары менен безелген. Спорттың көркем гимнастика түри бойынша дөгерек шөлкемлестирилген. Балалар 5 мезгил аўқатландырылады. Ата-аналардың қызығыўшылығын итибарға алып, келеси жылы имаратты және кеңейтип, қосымша орынлар жаратыў режелестирилген.

Шет тиллерин үйретиўге қәнигелестирилген жаңа мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қәбилетли оқытыўшылар қамтып алынған.       

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.