Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги улыўма орта билим бериў мектеплери арқалы бирден-бир мектеп формасы саўдасын шөлкемлестириў қадаған етилгенлиги ҳаққында еслетип өтти.

Министрликтиң баспасөз хызмети хабарында атап өтилиўинше, директорлардың бирден-бир мектеп формасы саўдасын ямаса басқа да үлгидеги формаларды орайласқан түрде енгизиўди шөлкемлестириўи қадаған етиледи. Мектеп формалары саўдасы арнаўлы саўда шақапшалары арқалы шөлкемлестириледи.

Еслетип өтемиз, 2019-жыл 18-июнь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелериниң оқыўшыларын заманагөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 15-августтағы 666-қарарына өзгерислер киргизиў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усы қарарға бола, бирден-бир мектеп формасы 2019/2020-оқыў жылынан емес, ал 2024/2025-оқыў жылынан баслап енгизиледи.

2024/2025-оқыў жылына шекем оқыўшылар мектеплерге бирден-бир мектеп формасында келиўи ықтыярлы түрде болады. Соны да айтып өтиў керек, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы аймақлар кесиминде оқыўшылар ушын мектеп формаларын ислеп шығаратуғын кәрханалар дизимин жәриялаған. Ата-аналар формаларды олардан сатып алыўы мүмкин.

ӨзА