Усы жыл 8-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барды.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н. Йўлдошев сөзге шығып, Президентимиздиң басшылығында елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда республикада исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, салық системасы түп-тийкарынан реформаланды, рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў тәртиби сезилерли дәрежеде әпиўайыластырылды, исбилерменлик субъектлериниң финанс-хожалық жумысына байланыслы болмаған жобалы тексериўлер бийкарланды. Атап айтқанда, 42 лицензия ҳәм рухсатнама бериў тәртиби бийкар етилди.
Исбилерменлик субъктлерине көрсетилип атырған усындай айрықша жеңилликлер нәтийжесинде олардың елимиздиң жалпы өнимдеги үлеси бүгинги күнге 45,5, жумыс орынлары менен тәмийинлеўдеги үлеси 76,5 процентти қурайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы исбилерменлердиң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестириў сапасын ҳәм оперативлилигин арттырыў, олар менен ашық-айдын ҳәм тиккелей сөйлесиўди тәмийинлеў, олардың нызамлы талапларын әмелий және нәтийжели әмелге асырыў ҳәм машқалалы мәселелерди шешиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына олардың реал үлесин көбейтиў, халықтың жумыс пенен бәнтлигин арттырыў және оның материаллық абаданлығын арттырыў болып табылады. Усы пәрман тийкарында Өзбекстан Беспубликасы бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилди.
Илажда бир қатар исбилерменлер шығып сөйлеп, өзлериниң жумысларында ушырасып атырған машқалалар туўралы сөз етти.
Мәжилисте олар тәрепинен билдирилген мәселелер тараў басшылары менен биргеликте үйренип шығыў, тийисли шешим қабыл етиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.