Орта билим бериў мәкемелерин алдынғы жылларда тамамлаған абитуриентлерге тест сынақларында қатнасыў ушын ең кем айлық мийнет ҳақының ярым есеси (101мың 365 сум) муғдарында төлем белгиленген. ТашПМИ Нөкис филиалына ҳүжжет тапсырмақшы болған кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын пулсыз ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылды, деп хабар бермекте усы филиалдың Баспасөз хызмети.

Филиал директоры  өз есабынан республикамыздың арқа районлары – Мойнақ, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай, Шоманай, Қанлыкөл ҳәм Қоңыраттан келип  ТашПМИ Нөкис филиалында оқыўды қәлеўши, бирақ ҳүжжет тапсырыўға имканияты болмаған абитуриентлерге жәрдем беретуғынлығын мәлим етеди. Бул имканияттан пайдаланбақшы болған жаслардың билими сынақтан өткериледи ҳәм унамлы нәтийже көрсеткен абитуриентлердиң төлем пуллары филиал тәрепинен төлеп бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги