Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-июль күни биринши ярым жыллықта мәмлекетлик бюджетке түсимлердиң нәтийжелилигин таллаў ҳәм жаңа ўазыйпаларды белгилеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Дерлик бир жыл бурын, 2018-жыл 29-июньде «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында» Президенттиң пәрманы қабыл етилген еди.
Усы концепция әмелде енгизилиўи нәтийжесинде быйылғы жылдың биринши ярымында мәмлекетлик бюджетке 39 триллион 118 миллиард сум ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,6 есеге көп қаржы түсти. Прогноз 8 процент артығы менен орынланғаны есабынан, жергиликли ҳәкимликлердиң ықтыярында қосымша 2,8 триллион сум қаржы қалды. Физикалық шахслардың дәрамат салығы ҳәм социаллық төлемлер ставкасы кескин азайтылғаны нәтийжесинде 570 мыңнан аслам жасырын жумыс орынлары легалластырылды.
Бирақ орынларда жаңа салық реформаларын системалы енгизиў, салық түсимлерин көбейтиў ҳәм өндириў бойынша айырым кемшиликлер де ушырасып атыр.
Мәселен, бос турған объектлер ҳәм жер майданлары тийкарында жаңа кәрханалар шөлкемлестирилип, салыққа тартыў базасын кеңейтиў бойынша арқайынлыққа жол қойылған. Айырым аймақларда прогноз ири кәрханалар ҳәм алдыннан салық төлеў әмелияты есабынан тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жағдайлардың ақыбетинде миллиардлап қаржыларды бюджетке түсириў имканияты жоғалтылғанын атап өтип, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаў бойынша тапсырмалар берди.
2020-жыл 1-январьға шекем салық тексериўлерине мораторий жәрияланғаны атап өтилип, Мәмлекетлик салық комитетине халықаралық финанс институтлары менен биргеликте, жылдың ақырына шекем, салықты төлемеў дәрежесин баҳалаў имканиятына ийе электрон бағдарлама жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Быйыл 27-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Бул жаңа салық реформаларының оғада әҳмийетли екинши басқышы болып есапланады.
Пәрманға муўапық, ҳәзирги ўақытта қолланылып атырған қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер 2019-жыл 1-октябрьден баслап бийкар етиледи. Буннан тийкарғы мақсет – ишки базарда барлық исбилерменлер ушын бир түрдеги шараят жаратыў, саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў.
Мәжилисте бул өзгерислердиң мазмун-мәнисин халық ҳәм исбилерменлерге терең түсиндириў бойынша Бас министрдиң басшылығында дүзилген Жумысшы топар штабы ҳәм оның аймақлық структураларының жумысын буннан былай да жеделлестириў ўазыйпасы жүкленди. Қосымша қун салығын төлеўге өтетуғын исбилерменлик субъектлери ҳәм фермер хожалықлары менен мәнзилли жумыс шөлкемлестирип, олардың бухгалтериясын жүргизиўге әмелий жәрдем бериў зәрүрлиги атап өтилди.
Президент исбилерменлерден салық миннетлемесин толық орынлаўды талап етиў менен бирге, олардың мәплерин қорғаў да керек екенлигин атап өтти.
Мәселен, ҳәзир исбилерменлер шийки затты қосымша қун салығын төлеген ҳалда сатып алады. Оннан таяр өним ислеп шығарып, сатыўдан кейин ғана шийки зат баҳасындағы қосымша қун салығын азайтады. Оған шекем исбилермен өзиниң айлыныс қаржыларынан ўақтынша пайдалана алмай атыр.
Сол себепли мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге қосымша қун салығын бир жола есапқа алыў ҳәм оны салық төлеўшиге қайтарыў механизмин енгизиў бойынша тапсырма берди.
Видеоселекторда энергия ресурслары тарифлерин оптималластырыў мәселеси де көрип шығылды.
Соңғы еки жылда халық, социаллық ҳәм өндирислик объектлерди үзликсиз электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Бул бағдардағы жумысларды және де жақсылаў мақсетинде тийисли тармақларды модернизациялаў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў талап етилмекте. Буларсыз тармақлардың финанслық жағдайын жақсылаў ҳәм тараўға жедел инвестицияларды тартыў имканияты жоқ.
Сол себепли, қәнигелер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң пикирлерин есапқа алып, халық ушын тарифлерди кескин арттырмастан, инфляция дәрежесине шамалас муғдарда өзгертиў бойынша усыныслар ислеп шығылған. Тариф реформалары халыққа жеңил болыўы ушын ең кем мийнет ҳақыны да арттырыў режелестирилген.
Мәжилисте тарифлерди тәртипке салыў бойынша усыныс етилип атырған реформаларды халыққа толық жеткериў зәрүрлиги атап өтилди. Салық реформаларын үгит-нәсиятлаў бойынша Республикалық жумысшы топар ағзалары, сондай-ақ, жергиликли кеңеслердиң депутатлары, экономика ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў шөлкемлериниң жуўапкерлерине орынларға барып, ҳәр бир мәҳәлледе халыққа тарифлердиң өзгериўиниң мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.
ӨзА