Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситханова 6-июль күни республикамызда болып, Ҳаял-қызлар комитетлериниң жумыслары, орынларда, әсиресе, аўыллық жерлерде ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен танысып, бир қатар қайырқомлық илажларын өткерди.
Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев жақында Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Соның ишинде, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, жумысқа орналастырыў, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараят жаратыў, оларды турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Деген менен, ҳаял-қызлардың турмысында жыллар даўамында топланып қалған социаллық машқалаларда аз емес. Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде атап өтилген машқалаларды шешиў бойынша «Жол картасы» қабыл етилип, орынларда усы машқалалар ҳәм олардың шешими үйренип шығылмақта.
Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы дәслеп Беруний районында болып, көшпели қабыллаў өткерди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Беруний районындағы Халық қабыллаўханасы менен биргеликте өткерилген илажда Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районларынан ҳаял-қызлар өзлериниң турмыслық машқалалары, бүгинги күни қыйнап жүрген мәселелери менен мүрәжат етти.
Қабыллаў барысында пуқаралық паспортты рәсмийлестириў, емленип қайтыў ушын ордер алыў сыяқлы онға шамалас мүрәжат қабыл етилип, олардың шешими тийисли тараў басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.
Усы күни район ҳаял-қызларының турмысында қуўанышлы ўақыя жүз берди. Аўыр шараятта жасап келген, турақ жайға мүтәж ҳаял-қызларға еки қабатлы 18 квартиралы жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Қуўанышлы жери, бул турақ жайлардың басланғыш төлеми район ҳәкимлиги, Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржылары есабынан төлеп бериледи.
-Бүгин мениң турмысымда қос қуўаныш,-дейди екинши топар майыплығы болған Гүләсел Исакова.-Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған турақ жайлардан бири маған берилди ҳәм «Беруний чеварлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине жумысқа орналастым. Бул ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.
Усы күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында респубкамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген имканияты шекленген, майыплығы болған ҳаял-қызларға Өзбекстан ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен 70 дана майыплық арбашаcы менен медициналық реаблитация қуралларын тапсырыў салтанаты болды.
Буннан кейин қалалық ҳәм районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслықлары, пидайы қәнигелер, үлгили шаңарақ ағзалары, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар, басланғыш шөлкемлердиң жетекшилериниң қатнасында Президентимиздиң Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған семинар болып өтти.
Атап өтилгениндей, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар менен мақсетли жумысларды шөлкемлестириў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеўге тосқынлық етип атырған машқала және кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Өткен қысқа дәўирде бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2 пәрманы, 2 қарары, Ҳүкиметтиң 6 қарары ҳәм 4 бийлиги қабыл етилди. Олардың мәплерин толық қорғаўға бағдарланған бул ҳүжжетлер менен реформалар Ҳаял-қызлар комитетлерин үлкен бир қүдиретли системаға айландырды.
Солай да болса, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, коммерциялық банклерден жеңилликли кредитлер ажыратыў, Ҳаял-қызлардың реаблитация, Мәсләҳәтхана, Қызлар саламатлығы, Исбилерменлик орайларының. Пуқаралар жыйынларының жумыслары талап дәрежесинде емес. Сиясий партиялар ҳәм жуўапкер шөлкемлер өзлериниң қатарына билимли, инталы ҳәм шөлкемлестириўшилик уқыбына ийе ҳаял-қызларды тартыў, олардың сиясий ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыў мәселесине жетерли итибар берилмей атырғанлығы себепли Сенат ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасы депутатларының қурамында ҳаял-қызлардың саны жоқарғы палатада 17, төменги палатада 16 процентке түсип қалған. Семинарда усы машқалаларды сапластырыў бойынша пикир алысыўлар болды.
Күнниң екинши ярымында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийелери, имканияты шекленген ҳәм тәрбиясы аўыр ҳаял-қызлар, сиёсий партиялардың «Ҳаял-қызлар қанаты» басшылары, «Нураний» фонды, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.
Онда атап өтилгениндей, министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлерде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында бүгинги күни елимиз бойынша 46 мыңнан аслам басланғыш шөлкем жумыс алып бармақта. Ендиги жағында бул шөлкемлерге ҳаял-қызлардың машқалалары менен мәнзилли ислесиў, шаңарақларға кирип барып, олардың арасынан жәрдемге мүтәжлерин анықлаў, турақ жайлардың басланғыш төлемлерин төлеп бериў, реабилитация ҳәм ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары орайларының жумысларын дурыс жолға қойыў бағдарындағы мийнетиниң нәтийжеси менен баҳаланады.
Бүгинги күнге елимиз бойынша 311 қыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алыўға миясар болды. Елимизде жетекши, жәмийетлик-сиясий белсенди күшке айланыўы керек болған бул қызлардың потенциалынан толық пайдаланылмай атыр. Системадағы сыйлықланғанлардың мониторинги, олардың жәмийеттеги белсендилигине көмеклесиў жумыслары итибардан шетте қалмақта. Ушырасыўда қәбилетли қызларды хошаметлеў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў, басланғыш шөлкемлердиң жумысларын жетилистириў мәселелери сөз болды.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Мийманлар Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятларды, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ҳәрекет етип турған дөгерек жумысларын, оның қатнасыўшылары тәрепинен таярланған қол өнери үлгилери және буйымлары менен танысты.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары. республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситханова Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар реаблитация орайы, 8-санлы шаңарақ поликлиникасында жайласқан Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы ҳәм Қызлар саламатлығы орайында. Нөкис қаласындағы «Нәўбәҳәр» мәкан пуқаралар жыйынында, «Nukus Ziada Nur» мәмлекетлик емес оқыў орайында болып, жумысларды көзден өткерди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.