Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўинде, қаладағы барлық МПЖларда жасларды жат иллетлерден сақлаў, миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў, миссионерлик ҳәм прозелитизм, диний экстремистлик ағымлар, «ғалабалық мәденият» пенен байланыслы идеологиялық қәўиплердиң алдын алыў, жаслар ҳәм пуқаралар арасында жат тәсирлерге қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде «Диний экстремизм ҳәм терроризм жаслар келешегине қәўип», «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», «Саламат бала шаңарақтан қәлиплеседи» темаларында МПЖ турғынлары ҳәм де жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын күшейтиў мақсетинде тийисли тараў қәнигелериниң қатнасында ушырасыўлар өткерилмекете.
Усындай ушырасыў Нөкис қаласындағы «Ақ отаў» МПЖда болып өтти. Оған Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Нөкис имам ийшан Муҳаммед жомъе мешитиниң қәнигелери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Онда Нөкис қаласы ҳәкимилиги дин ислери бойынша бөлиминиң баслығы Қ.Низаматов, Нөкис имам ийшан Муҳаммед жомъе мешити имамының орынбасары Қ.Турдымуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде үрп-әдет дәстүрлеримизди, диний қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў, халықтың аўызбиршилигин, диний кең пейилликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўматлар берди.
Мешит тәрепинен ислам дини ҳәм оған байланыслы муқаддес китапларды халыққа кеңнен түсиндириў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы айтып, қарақалпақ тилинде жаңадан баспадан шыққан диний мазмундағы китаплар, олардың мазмун-мәниси туўралы түсиник берилди. Өз гезегинде қатнасыўшылар да шығып сөйлеп, халықтың ең тийкарғы байлығы тынышлық ҳәм аўызбиршилик екенлигин атап өтип, усы бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар туўралы пикир-усынысларын билдирди.
Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.