Олар мийнет қатнасықларына байланыслы жойбарды әмелге асырады
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының қарары менен жәрияланған ҳәм усы жыл 28-март ҳәм 30-апрель күнлери аралығында өткерилген «Ҳәрекетлер стратегиясы, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаўда МКШлардың белсендилигин қоллап-қуўатлаў» темасындағы биринши таңлаўда Әмиўдәрья телевидениеси «Мәжбүрий мийнет – инсан ҳуқықларына қайшы келеди» темасындағы жойбары менен қатнасып грант жеңимпазы болған еди.
– Бул жойбар нызамсыз мийнет миграциясынан, мәжбүрий мийнет ҳәм кемситиўлерден жәбирленген адамларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, системалы түрде профилактикалық үгит-нәсият және реабилитациялық бағдардағы жумысларға бағышланып, оған 30 миллион сумлық қаржы ажыратылды,-дейди Әмиўдәрья телевидениесиниң бас редакторы Fуломжон Ешниёзов. – Жойбар бойынша 10 айлық мүддет ишинде бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы режелестирилген.
Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўды қадағалаў бойынша қабыл етилген нызамлар және халықаралық шәртнамалардың мазмун-мәниси туўралы кең жәмийетшиликти хабардар етиў, халық арасында мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм бул бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың мазмун-мәнисин түсиндирип барыў жойбардың тийкарғы мақсетлериниң бири болып есапланады.
Сондай-ақ, әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы FХҚ, атап айтқанда, интернет сайтлары арқалы исенимли хабар жеткерип бериледи. Мийнет ҳаққындағы нызамларды бузған шахсларға жәмийетшиликтиң тәсирин күшейтиў ҳәм оларды жуўапкершиликке тартыў туўралы ўәкилликли уйымларға усыныслар киргизиўди қолланған ҳалда халық арасында кең түрде мәлимлеме-түсиник жумыслары алып барылады. Халық пенен қайта байланыс механизмлери енгизиледи. 2019, 2020-жыллардағы Бәнтлик бағдарламаларының орынланыўы ҳәм районда жаратылып атырған жумыс орынлары ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етип барыў сыяқлы жумыслар да жойбарға киргизилген.
Усы ўазыйпалар Әмиўдәрья телевидениеси, сондай-ақ, райондағы басқа да FХҚ менен биргеликте таярланған көрсетиўлер, мақалалар ҳәм социаллық роликлер арқалы түсиндирип барылады. Белгиленген мүддет ишинде жәми 20 дан аслам көрсетиў ҳәм информациялық бағдарламалар эфирге бериледи.
Телеканалда «Ҳуқықтаныўшы минбери» көрсетиўи шөлкемлестирилип, онда ҳуқықтаныўшылардың мийнет қатнасықларына байланыслы мәселелер бойынша шығыўлары шөлкемлестириледи. «Жумысқа мәрҳамат» көрсетиўи шөлкемлестирилип, райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос жумыс орынлары, жаңадан жаратылған жумыс орынлары туўралы мағлыўматлар берилип барылады.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.