Россиялы көркем өнертаныўшы илимпаз Тигран Мкртичев И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музе  йиниң директорлық лаўазымы ушын өткерилген таңлаўда женимпаз болды, деп хабар береди Kun.Uzдың хабаршысы.

Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланған «Музейлерди реновациялаў бағдарламасы»н орынлаў тийкарында Мәденият министрлиги ҳәм оның жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен өткерилди.

Таңлаўда музей жумысы, оған байланыслы болған ғалабалық илажлар, административлик ҳәм финанслық мәселелерде тәжирийбеге ийе болған өзбекстанлы ҳәм сырт ел қәнигелери қатнасты.

Арзаларды қабыллаў, ҳүжжетлерге баҳа бериў ҳәм талабанларды таңлап алыў процеси 25-февраль – 15-июнь күнлери өткерилди. 4-июль күни Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң имаратында талабанлар менен жүзбе-жүз сәўбетлесиў болып өтти ҳәм жеңимпаз анықланды.

Қатнасыўшылардың жойбарлары Өзбекстан Республикасы мәденият министри Бахтиёр Сайфуллаевтың басшылығындағы экспертлер кеңеси тәрепинен баҳаланды. Кеңестиң қурамына Третьяков атындағы Россия мәмлекетлик галереясының басшысы Зелфира Трегулова (Skype арқалы), Германияның Берлин қаласының музейлер кураторы Манфред Наврот, музейлер жумысы, археология ҳәм мәденият сиясаты бойынша ЮНЕСКОның үлкен халықаралық кеңесгөйи Стюарт Гибсон, Мәденият министрлиги жанындағы Жәмийетшилик кеңеси баслығының орынбасары Мариника Бабаназарова киргизилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Қалбай Турдиев бақлаўшы сыпатында қатнасты.

Таңлаўда россиялы Сергей Пиляк ҳәм Тигран Мкртичев, қазакстанлы Гүлшат Баймуратова, өзбекстанлы Ирина Петрушина ҳәм Октябрь Доспанов, сондай-ақ, германиялы Тибо де Рюйтер (Skype арқалы) қатнасты.

Талабанлар И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң жумысын модернизациялаў, хызметкерлердиң профессионаллық дәрежесин ҳәм қәнигелигин арттырыў, музейди басқарыў процесине жоқары технологияларды енгизиў, музейдиң халықаралық дәрежесин арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өзлериниң презентацияларын көрсетти. Сондай-ақ, экспертлер кеңеси ағзаларының сораўларына жуўап берди.

Таңлаўдың жуўмағы бойынша, ең көп балл жыйнаған Тигран Мкртичев жеңимпаз деп жәрияланды. Октябрь Доспанов болса резерв жеңимпазы сыпатында атап өтилди.

Енди музей шеңберинде административлик реформалар жуўмақланғаннан кейин, жеңимпазға рәсмий жумысқа мирәтнама жибериледи. Мәденият министри Бахтиёр Сайфуллаевтың сөзлерине бола, бул сентябрь айында жүз береди.

Мағлыўмат орнында, И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи 1966-жылы Нөкисте шөлкемлестирилген. Онда 100 мыңға шамалас музей предметлери сақланбақта. Ол рус авангард ағымының художниклери шығармаларының коллекциясы бойынша дүнья жүзинде Санкт-Петербургтағы Мәмлекетлик рус музейинен кейин екинши орында турады. Музейде археология мийрасы объектлериниң үлкен коллекциясы, сондай-ақ, Орайлық Азия халықларының әмелий көркем өнериниң шығармалары сақланбақта. И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи дүнья жүзинде «саҳра Лувры», «Орта Азия Третьяковкасы» деген атлар менен де белгили.

Тигран Мкртичев 1959-жылы Россияның Тверь қаласында туўылған. Көркем өнертаныўшы, Россияда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, 2003-жылдан берли көркем өнертаныўшы докторы. 1976-1981-жылларда ТашМУ Орта Азия археологиясы кафедрасында, 1982-1984-жылларда Хамза атындағы көркем өнертаныў институтының аспирантурасын тамамлаған. 2005-жылдан берли Москва қаласындағы Шығыс халықлары көркем өнер мәмлекетлик музейи бас директорының илимий жумыслар бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келмекте.

ӨзА