Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июль күни аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў ҳәм азық-аўқат өнимлериниң сапасын арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде жылына 20 миллион тонна мийўе-овощ жетистириледи. Бирақ оларды санаат усылында қайта ислеў дәрежеси тек ғана 15 процент болып, соннан 7-8 проценти экспортқа шығарылмақта. Инфраструктураның жеткиликли болмағанлығы себепли жыйнаў ҳәм сақлаў процесинде 30 процент өним зая болмақта.  

Тараўдағы имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, өнимлерди терең қайта ислеў кеңейтилсе, азық-аўқат санаатын және де раўажландырыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы ол ушын, бәринен бурын, аўыл хожалығы өнимлерин жыйнаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў ҳәм экспорт етиў процесслерин өз ишине алатуғын заманагөй агрологистика орайларын көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде елимизде 31 агрологистика орайы, 1 мың 500 музлатқыш қоймаханасы бар. Оларда жәми жетистирилетуғын мийўе-овощтың 4,5 процентин ғана сақлаў мүмкин. Бул оғада аз әлбетте.

Шавкат Мирзиёев азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў, базарға турақлы түрде жеткерип бериў ушын кең инфраструктура жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

2025-жылға шекем музлатқышлардың санын 4 мың 500 ге, агрологистика орайларын 140 қа жеткериў ўазыйпасы қойылды. Азия раўажланыў банкиниң жеңиллетилген кредитиниң қатнасыўында Әндижан, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында агрологистика орайларын қурыў, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында да усы бағдардағы жумысларды баслаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте өним жетистириўшилер менен қайта ислеўши кәрханалар арасында кооперациялық байланыслардың жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Мәселен, мийўе-овощтың 65 проценти, гөш ҳәм сүт өнимлериниң 93-95 проценти дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде жетистирилмекте. Бирақ усы өнимлерди қайта ислеўши кәрханалар 50-60 процент қуўатлылық пенен ислемекте. Өткен жылы мийўе-овощтың 19 проценти, гөш ҳәм сүт өнимлериниң 16 проценти ғана санаат дәрежесинде қайта исленген.

Кооперация халықтың жетистирген аўыл хожалығы өнимлерин санаатқа тартыўдың ең нәтийжели жолы. Бул арқалы, бириншиден, халық дәрамат табады, екиншиден, санаат избе-из шийки зат пенен тәмийинленеди, деди Президент.

Және бир мысал. Әдетте жүзим, қаўын, ғарбыз, қабақ ҳәм әнардың туқымы таслап жибериледи. Сырт елде бул туқымлар қайта исленип, әжайып өнимлер таярланады. Атап айтқанда, бир килограмм ғарбыз туқымының майы дүнья базарында 28 доллар, әнар туқымының майы болса 350 доллар турады. Мәмлекетимизде де усы өнимлерди жыйнап алыў ҳәм қайта ислеў жолға қойылса, жылына 250 миллион долларлық экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Аўыл хожалығы министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика ҳәм санаат министрлигине ҳәр бир районда кеминде бесеўден аўыл хожалығы кооперацияларын шөлкемлестириў, оларды қаржы жағынан қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы қойылды.

Аўыл хожалығы кәрханалары қосымша қун салығына өтип атырғаны өндирис ҳәм көтере саўданы раўажландырыў менен бирге, кооперацияны кеңейтиўге де тийкар жарататуғынлығы атап өтилди.

Азық-аўқат өнимлериниң сапасы, сыртқы базардағы бәсекиге шыдамлылығы қәнигелескен лабораториялық тексериўге де байланыслы. Мәжилисте бул бағдарда да ислениўи керек болған жумыслардың көп екенлиги көрсетип өтилди. Азық-аўқат өнимлерин сынаў бойынша Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына сай 775 стандарт болса, мәмлекетимизде олардан 100 стандарт енгизилгени, 100 ден аслам лабораториядан тек ғана 10 лабораторияның халықаралық дәрежедеги аккредитациядан өткени сынға алынды. Бул кәрханаларымыздың өнимлерин экспорт етиў, импорт товарлардың болса сапасын тексериўде қыйыншылықлар туўдырмақта.

Сол себепли «Өзстандарт» агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм тийисли инспекцияларға азық-аўқатлардың сапасы бойынша халықаралық стандартларды 500 ге жеткериў, толық сынақларды өткериў имканиятына ийе лабораторияларды шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Агросанаатты жедел раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын аўыл хожалығы тараўында мега жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер өз пикир усынысларын билдирди.

ӨзА