Усы жыл 4-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң, Қараөзек районы ҳәкиминиң, районлық медицина бирлеспеси, Бәнтликке көмеклесиў, районлық халық билимлендириў бөлимлери қәнигелери ҳәм басқа кәрхана, шөлкем ўәкиллериниң гезектеги ғалаба көшпели қабыллаўы Қараөзек районының «Аллаяр Досназаров» аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти.
Көшпели қабыллаўға келген мүрәжатлардың көпшилиги турақ жай менен тәмийинлеў, жерге ийелик етиў, кредит мәселеси, исбилерменлик, материаллық жәрдемлер бойынша болды. Атап айтқанда, район турғынларынан жәми 13 мүрәжат қабыл етилип, 4 пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешилген болса, 5 пуқараға ҳуқықый түсиниклер берилип, қалғанлары тийисли тараўлар бойынша жуўапкер уйымларға кешиктирместен шешиў ушын жиберилди. Бул мүрәжатлар бойынша тийисли мүддетлер берилип, олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
– Көшпели қабыллаўда мениң мүрәжатым бойынша илажлар көрилип, кемшиликлерди сапластырыў бойынша аймағымыздағы сектор басшысына тапсырма берилди, -дейди «Аллаяр Досназаров» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Н.Пирлепесова. –Аўылымызға алып келинетуғын газ баллонларының белгиленген мүддетинен кешиктирмей жеткерилиўи ҳаққындағы мүрәжатым толық қанаатландырылатуғын болды.
– Шаңарағымызға бир мәртелик жәрдем пулын бериў бойынша мүрәжатым усы жердиң өзинде үйренип шығылды ҳәм унамлы жуўап алдық, -дейди усы аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын пуқара Н.Барлыбаева. –Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине, көшпели қабыллаўды шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымды билдиремен.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.